Бул ҳаққында 28-январьда электр энергетикасын раўажландырыў бойынша өткен мәжилисте тапсырма берилген еди.
Мәмлекетимизде энергия қуўатлықлары халық ҳәм экономика тармақларының өсип баратырған талабына сәйкес түрде арттырып барылмақта. Атап айтқанда, өткен жылы 50 миллиард куб метр тәбийий газ, 81 миллиард киловатт саат электр ислеп шығарылды.
2035-жылға барып, электрден пайдаланыў ҳәзиргиден 1,7 есеге артыўы есап-санақ етилген. Бул талапты толық қанаатландырыў ушын тек ғана өндирис емес, ал үнемлилик те зәрүр.
Таллаўларға бола, Өзбекстанда 1 долларлық жалпы ишки өнимди жаратыў ушын дүньядағы орташа көрсеткиштен 2,5 есеге көп энергия жумсалмақта. Электр тармақларындағы шығынлар 14 процент, тәбийий газде болса 7 проценттен жоқары.
Соның ушын илимпазлар тартылып, орынларда энергияны үнемлеў имканиятлары илимий тийкарда үйренилмекте. Ҳәзирге шекем 7 ўәлаятта 4,6 миллиард киловатт-саат электр ҳәм 1 миллиард куб метр газди үнемлеў имканиятлары анықланған.
Презентацияда усындай үйрениўлер тийкарында ислеп шығылған усыныслар додаланды.
Мысал ушын, суў хожалығындағы ески насосларды заманагөйге алмастырып, жылына 1 миллиард киловатт-саат электрди үнемлеў мүмкин. Социаллық мәкемелерде қазанханаларды жаңалаў, "жасыл" энергиядан пайдаланыў арқалы усы жылы 5 миллион куб метр газ, 15 миллион киловатт-саат электрди үнемлеў мүмкин.
Улыўма, быйыл 1,6 миллиард куб метр газ ҳәм 3,5 миллиард киловатт-саат электрди үнемлеў мөлшерленген. Буның ушын ҳәр бир кәрхана ҳәм шөлкемге илимий тийкарланған илажлар жеткериледи.
Соның ишинде, ири санаат кәрханаларында бир өним бирлигин ислеп шығарыўға кететуғын энергия нормасы белгиленеди. Соның өзинен энергия жумсалыўы 5-10 процент қысқарады. Социаллық объектлерде энергия үнемлеўши үскенелерди орнатыў бойынша мәнзилли бағдарлама тастыйықланады.
Көп қабатлы турақ жайларда ыссылықты жақсы сақлаў ушын олардың изоляциясы кеңейтиледи. Хожалықларда гелиоколлектор ҳәм қуяш панелин орнатыўға арзан кредитлер бериледи. Тутыныўшылар Япония тәжирийбеси тийкарында энергия үнемлеў саўатлылығы бойынша оқытылады.
Мәмлекетимиз басшысы экономиканың барлық тармақлары, социаллық тараў ҳәм турақ жайларда үнемлеў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Аймақ ҳәм тармақлар кесиминде энергия шығынларын азайтыў, талан-таражлықлардың алдын алыў бойынша қатаң көрсетпелер берилди.