Жерден нәтийжели пайдаланыў бойынша усыныслар көрип шығылды

    Сиясат 9 қыркүйек 2025 2061

    Президент Шавкат Мирзиёев 9-сентябрь күни аўыл хожалығында жер ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша усыныслардың презентациясы менен танысты.

    Соңғы бес жылда жер есабын жүргизиў бойынша жаңа система жаратылды, қысқа ўақытта мәмлекетимиздеги 45 миллион гектарға шамалас жер майданынан 42 миллион гектары, яғный 94 проценти, аўыл хожалығына мөлшерленген 26 миллион гектардан аслам жерлердиң 88,4 проценти мәмлекетлик дизимнен өткерилди.

    Презентация даўамында бурын пуқаралар ҳәм шөлкемлер пайдаланыўында болып, район ҳәкимликлери қарамағына қайтарылған бос жерлердиң есабын өз алдына жүргизиў зәрүрлиги атап өтилди. Бундай жерлерди қысқа мүддетте аукционға шығарыў бойынша инсан факторысыз ислейтуғын система жаратыў тапсырылды.

    Аўыл хожалығында жерге ижара ҳуқықын базар активине айландырыў бойынша жумыслар басланды, жерге салыстырғанда қайта ижара, екилемши ижара институтлары киргизилди.

    Енди ижараға берилген жерлердиң бир бөлегин қайта ижараға бериўге, яғный бир бөлегин өзинде қалдырып, қалған бөлегин басқа ижарашыға өткериўге де рухсат бериледи. Бурын буның ушын жерди мәмлекетке қайтарыў ҳәм жаңадан аукционға шығарыў керек еди.

    2021-жылдан баслап аўыл хожалығы жерлери тек ғана ижара ҳуқықы менен ажыратылмақта. Мәжилисте 2027-жыл 1-январьға шекем аўыл хожалығында пайдаланылып атырған барлық жерлерди ижара ҳуқықына өткериў зәрүрлиги атап өтилди.

    Аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерге хызмет көрсетиўши объектлер - жеңил конструкциялы музлатқышлы қоймаханалар, сайлап алыў, қадақлаў орынлары, суўды үнемлейтуғын технологиялар, дала шертеги, техника парки қурыўға рухсат бериледи.

    Буның ушын алдын жер дүзиў жойбары ислеп шығылып, тастыйықланады. Бул жойбар қурылысқа рухсат бериў ўақтында жерге болған ҳуқықты тастыйықлаўшы ҳүжжет сыпатында қабыл етиледи.

    Бул жаңалық аўыл хожалығында жаңа имканиятларды ашады, бағман өзиниң бағының бир шетинде мийўени сақлаў орны, шарўа өз жайлаўының бир бөлегинде шарўа маллары ҳәм шарўа от-жемин сақлаў орынларын қурыў имканиятына ийе болады.

    Мәмлекетимиз басшысы аўыл хожалығында ижара қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў, ижарашылардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, тараўға базар қатнасықларын және де кеңнен енгизиў бойынша көрсетпелер берди.

    Презентация жуўмағында бул илажларды әмелге асырыў бойынша пәрманға қол қойылды, нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлерге тийисли өзгерислер киргизилиўи белгиленди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates