баннер
11 Apr 2025
18:46

    Ертең айырым ўәлаятларда жаўын жаўыўы мүмкин

    Усы жылдың 4-апрель күни Республикамызда ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде жаўын жаўады, гүлдирмама болыўы мүмкин.

    "Өзгидромет" агентлигиниң мәлим етиўинше, ертең Ташкент қаласында ҳаўа бираз бултлы болады, кешке таман бираз жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самал шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи, 10-12 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 12-14 градус, күндиз 28-30 градус жыллы болады.

    Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаяты;

    Ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде жаўын жаўады, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 12-17 градус, күндиз 20-25 градус жыллы болады.

    Наўайы ҳәм Бухара ўәлаятлары;

    ҳаўа бираз бултлы болады, кешке таман айырым жерлерде жаўын жаўады, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 12-17 градус, күндиз 27-32 градус жыллы болады.

    Ташкент, Сырдәрья, Жиззақ, Самарқанд ўәлаятлары;

    ҳаўа бираз бултлы болады, кешке таман айырым жерлерде жаўын жаўады, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 10-15 градус, күндиз 25-30 градус болады.

    Қашқадәрья ўәлаяты;

    ҳаўа бираз бултлы болады, кешке таман айырым жерлерде жаўын жаўады, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 12-17 градус, күндиз 28-33 градус жыллы болады.

    Сурхандәрья ўәлаяты;

    ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 12-17 градус, күндиз 28-33 градус жыллы болады.

    Әндижан, Наманган, Ферғана ўәлаятлары;

    Ҳаўа бираз бултлы, айырым жерлерде өзгерип турады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 5-10 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 10-15 градус, күндиз 23-28 градус жыллы болады.

    Республиканың таўлы аймақлары;

    Ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде жаўын жаўады, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 4-9 градус жыллы, күндиз 15-20 градус жыллы.

    Телеграм каналымыз
    Text to speech