"Өзгидромет" агентлигиниң хабар бериўинше, ертең Ташкент қаласында ҳаўа бираз бултлы болады, бираз жаўын жаўыўы мүмкин. Самал батыстан 3-8 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 0-2 градус жыллы, күндиз 7-9 градус жыллы болады.
Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаяты;
Ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди, тек ғана Қарақалпақстан Республикасында айырым жерлерде бираз қар жаўыўы, думан түсиўи мүмкин. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 3-8 градус суўық, күндиз 2 градус суўық-3 градус жыллы болады.
Бухара ҳәм Наўайы ўәлаятлары;
Ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди, тек ғана Наўайы ўәлаятында айырым жерлерде қар жаўыўы, думан түсиўи мүмкин. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 0-5 градус суўық, күндиз 3-8 градус жыллы болады.
Ташкент, Сырдәрья, Самарқанд, Жиззақ ўәлаятлары;
Ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди, тек ғана Ташкент ўәлаятында айырым жерлерде жаўын-шашын (жаўын, қар) болыўы мүмкин. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде -3 градус суўық-2 градус жыллы, күндиз 5-10 градус жыллы болады.
Қашқадәрья, Сурхандәрья ўәлаятлары;
Ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди, тек Сурхандәрья ўәлаятында айырым жерлерде жаўын жаўыўы мүмкин. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 0-5 градус жыллы, күндиз 8-13 градус жыллы болады.
Әндижан, Наманган, Ферғана ўәлаятлары;
ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Думан түсиўи мүмкин. Самал батыстан 5-10 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде -3 градус суўық-2 градус жыллы, күндиз 3-8 градус жыллы болады.
Республиканың таўлы аймақлары;
ҳаўа алағат бултласып, айырым жерлерде қар жаўады. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 3-8 градус суўық, күндиз 3 градус суўық-2 градус жыллы болады.