"Ўзгидромет" агентлигиниң хабар бериўинше, пайтахт ушын май айларында абсолют ең жоқары температура +39.9 градусқа тең болған. Бүгин бул пайтахтта жаңаланыўы мүмкин. Себеби, Өзгидромет бүгинги күн ушын пайтахтқа +39...+41 дәреже ыссы күтилетуғынын жәриялады.
Ыссы пайтахтымызда шемби күни де даўам етеди. Жумадан шембиге өтетуғын түнде Ташкентте түнде халық ыссы ҳәм қапырық ҳаўадан жүдә қыйналыўы мүмкин.
Екшемби күни болса пайтахтлылар жума ҳәм шемби күнине салыстырғанда температураның 10 дәрежеге шекем төменлеп кетиўине гүўа болады.