Европа жетекшилери АҚШ президенти Дональд Трамптың Гренландияға байланыслы сиясатына қарсылық көрсетип атырған мәмлекетлердиң товарларына бажы салыў ҳаққындағы қарарына қандай мүнәсибет билдириўди додаламақшы.
Европа кеңесиниң баслығы Антониу Коста Европа Аўқамы мәмлекетлери елшилериниң мәсләҳәтлесиўлеринен соң қыстаўлы саммитти шақырыўға қарар етти, деп жазады rg.ru.
Politico басылымының жазыўынша, жоқары дәрежедеги ушырасыў пийшемби күни болып өтиўи мүмкин. Онда ол онлайн тәризде өткерилмейди, ЕА мәмлекетлери жетекшилери жеке өзи ушырасыў нийетинде.
Бурынырақ Европаның бир қатар мәмлекетлери, атап айтқанда, Франция "мәжбүрлеўге қарсы гүресиў инструментин" иске қосыўды талап етип атырғаны, оның шеңберинде АҚШ товар ҳәм хызметлериниң ЕАға импорты шеклениўи, сондай-ақ, АҚШ инвестицияларына шеклеўлер киргизилиўи мүмкин екени хабар етилген еди. Экспертлердиң пикиринше, бул механизмниң иске қосылыўы Европа ҳәм АҚШ арасында толық саўда урысына алып келиўи мүмкин. "Механизм ҳәзир ашықтан-ашық додаланып атырғаны европалылар Трамптың Гренландияға болған даўаларын қаншелли қатаң қабыл етип атырғанынан дәрек береди", деп атап өтеди Politico.