Бул ҳаққында 2025-жыл 9-декабрь күни Ташкентте Европа Аўқамының Өзбекстандағы елшиси Тойво Клаар аўыл хожалығы министри Иброҳим Абдураҳмонов пенен ушырасыўында мәлим етилди.

Тәреплер аграр тараўдағы ҳәзирги бирге ислесиўди додалап, аўыл хожалығын турақлы ҳәм инклюзив раўажландырыўға умтылысын тастыйықлады.

Европа Аўқамы Өзбекстанға тиккелей грант жәрдемин көрсетип атырған аз санлы шериклерден бири болып қалмақта. Жаңа грант Европа Аўқамының аграр секторды қоллап-қуўатлаў бойынша 20 миллион евро муғдарындағы улыўма бағдарламасының бир бөлеги болып есапланады. Алдын, 2023-жылы Өзбекстан 6 миллион евро алған еди, 2026-жылы және 7 миллион евро ажыратыў режелестирилген - реформалар табыслы даўам еттирилсе ҳәм келисилген көрсеткишлерге ерисилсе.

Елши Тойво Клаар Өзбекстанда аграр тараўдағы реформаларды әмелге асырыўда, соның ишинде, ишки өндиристи беккемлеў, экспортты раўажландырыў, ирригация нәтийжелилигин арттырыў ҳәм агробизнес орталығын жақсылаў бағдарында үлкен табысларға ерисилгенин атап өтти. Оның атап өтиўинше, ҳәзирги басқыштағы тийкарғы қәўип-қәтерлер баҳа сиясаты менен емес, ал жерден экономикалық пайдаланыў ҳуқықларын беккемлеў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги системасын жетилистириў менен байланыслы болып, бул, әсиресе, ЖСШға ағза болыўға таярлық шеңберинде инвестицияларды тартыў ҳәм өнимлердиң бәсекиге шыдамлылығын арттырыўдың әҳмийетли шәрти болып табылады.

Сондай-ақ, елши ЕА Өзбекстанды реформаларды жуўмақлаўда буннан былай да қоллап-қуўатлайтуғынын, бул саўданы раўажландырыў, турақлы өсиў ҳәм тәреплер арасындағы шерикликти беккемлеўге хызмет ететуғынын атап өтти.