Ески бақша орнында жаңа имарат қурылмақта

    4 шілде 2025 751

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң 454-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Беруний районындағы Бунёдкор мәҳәллеси аймағында жайласқан 14-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң ески имараты пүткиллей бузылып, оның орнында жаңа, заманагөй ҳәм барлық талапларға жуўап беретуғын балалар бақшасын қурыў жумыслары басланды. Бул қурылыс жойбары ушын жәми 3 миллиард 600 миллион сум қаржы ажыратылған болып, жаңадан қурылып атырған бақша 120 балаға мөлшерленген.

    Жойбар кестесине муўапық, қурылыс жумыслары усы жылдың сентябрь айына шекем жуўмақланып, жаңа имарат пайдаланыўға тапсырылыўы режелестирилген. Бул заманагөй билимлендириў орайы балалардың ҳәр тәреплеме раўажланыўы, оларда билим ҳәм көнликпелерди қәлиплестириў, сондай-ақ, олардың бақшаға болған муҳаббаты менен қызығыўшылығын арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе.

    – Ески балалар бақшасының имаратын бузып, 2 қабатлы заманагөй бақшамызды 20-август сәнесине тапсырыўды режелестиргенбиз. Ҳәзирги ўақытта 40 қа шамалас жумысшы қурылыс жумыслары менен шуғылланбақта, – дейди район ҳәкиминиң орынбасары Қ.Кошанов.

    Жаңа бақшаның жумыс баслаўы менен мәҳәлледеги көплеген балалар сапалы тәлим-тәрбия алыў имканиятына ийе болады. Бул болса тек ғана балалар емес, ал жәмийеттиң келешеги ушын да үлкен жетискенлик болып есапланады.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates