Банклерде ески үлгидеги 100 АҚШ долларын сатыў ҳәм сатып алыўда машқала бар ма?

    12 желтоқсан 2024 786

    Орайлық банк ҳеш бир мәмлекет есап-санақларында ески үлгидеги 100 АҚШ доллары номиналындағы банкнотлардың нызамлы төлем қуралы сыпатындағы статусы өзгермегенин мәлим етти.

    Орайлық банк ҳәзирги күнде республика аймағында ески үлгидеги 100 АҚШ доллары номиналындағы (2009-жылға шекем эмиссияланған) банкнотларды банклер тәрепинен сатыў ҳәм сатып алыўға байланыслы әмелиятлар ҳеш қандай машқалаларсыз әмелге асырылып атырғанын мәлим етти.

    Соның менен бирге, ҳеш бир мәмлекет есап-санақларында ески үлгидеги 100 АҚШ доллары номиналындағы банкнотлардың нызамлы төлем қуралы сыпатындағы статусы өзгермеген.

    Орайлық банк халық ҳәм исбилерменлик субъектлерин социаллық тармақларда тарқалып атырған тастыйықланбаған мағлыўматларға исенбеўге шақырып, тек ғана рәсмий дәреклерге сүйениўди усыныс етеди.

    "Егер коммерциялық банклердиң валюфта алмастырыў шақапшалары тәрепинен ески үлгидеги 100 АҚШ доллары номиналындағы банкнотларды қабыл етиўде қыйыншылықларға дус келсеңиз, Орайлық банктиң "Исеним телефоны" (71 200-00-44) ямаса аймақлық басқармаларына мүрәжат етиўиңиз мүмкин," делинеди хабарда.

    Өз гезегинде, Орайлық банк бул бағдардағы жағдайды турақлы түрде бақлап баратуғынын мәлим етти.