Жетекшилер "Галкиниш" атлылар командасының шығыўларын тамашалады

    Түркмен халқының миллий жетекшиси Өзбекстан халқына терең ҳүрмет-иззет белгиси сыпатында мәмлекетимиз басшысына молшылық ҳәм абаданлық тымсалы болған түйе ҳәм ботаны саўға етти.

    Әмелий сапар етиўдиң мәдений бағдарламасы шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев, Түркмен халқының миллий жетекшиси, Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов ҳәм Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев биргеликте "Аваза" конгресс орайы жанындағы арнаўлы майданға барды.

    Жоқары мәртебели мийманларға "Галкиниш" миллий ат спорты командасының ахалтеке нәсилли тулпарларының шығыўлары көрсетилди.

    Дүньяға белгили "Галкиниш" ат спорты топары быйыл Монте-Карлода болып өткен 47-Халықаралық цирк фестивалында табыслы қатнасып, алтын сыйлыққа ийе болды, сондай-ақ, Стамбулда болып өткен Халықаралық этноспорт фестивалында табыслы қатнасты.

    Түркмен халқының миллий жетекшиси Өзбекстан халқына терең ҳүрмет-иззет белгиси сыпатында мәмлекетимиз басшысына молшылық ҳәм абаданлық тымсалы болған түйе ҳәм ботаны саўға етти.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates