Президентимиз үш мәмлекет халықларының мәплери жолында стратегиялық шерикликти раўажландырыў бағдарындағы исенимли сиясий ерк-ықрарды айқын көрсеткен ушырасыўдың нәтийжели жуўмақларын жоқары баҳалады.
Сөйлесиўлерде транзит коридорларын раўажландырыў, соның ишинде, Түркменбашы ҳәм Баку портларының имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў, заманагөй логистика инфраструктурасын биргеликте қәлиплестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылғаны атап өтилди.
Миллий транспорт системалары интеграциясын тереңлестириў мақсетинде региондағы бар ҳәм перспективалы жөнелислерди өз-ара байланыстырыў режелери ҳәр тәреплеме додаланды. Өзбекстан бул бағдарда өз-ара муўапықластырылған сиясат жүргизиў тәрепдары екени атап өтилди.
Бул, биринши гезекте, халықаралық базарларға шығыўда бизнес ушын қолайлы шараятлар жаратыў ҳәм тариф сиясаты мәселелери болып есапланады.
Каспий теңизи арқалы логистика инфраструктурасын ҳәм паром тасыўларын раўажландырыў жойбарлары үстинде биргеликте ислесиў бойынша келисимлерге ерисилди.
Буннан тысқары, үш мәмлекет арасында энергетика тараўында - углеводород кәнлерин өзлестириў ҳәм ислеп шығарылған электр энергиясын экспорт етиў бойынша бирге ислесиў имканиятлары көрип шығылды.
Товар алмасыў көлемин есесине арттырыў ҳәм санаат кооперациясы көлемин кеңейтиў ўазыйпалары сөйлесиўлер күн тәртибинен орайлық орынды ийеледи.
Миллий ислеп шығарыўшылардың сапалы өнимлерин өз-ара жеткерип бериўди хошаметлеў илажларының көрилиўи ҳәм үш мәмлекет аймақларының потенциалын тартқан ҳалда жаңа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ушын шараятлар жаратылатуғыны атап өтилди.
Жетекшилер суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм экологиялық қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиўге келисип алды. Буннан тысқары, туризм ҳәм мәдений алмасыўлар тараўында биргеликтеги бағдарлама қабыл етиледи.
Қабыл етилген қарар ҳәм ҳүжжетлерди әмелге асырыў бойынша жумыслар министрлер тәрепинен "жол картасы" тийкарында әмелге асырылады.
Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң жуўмағында бул тарийхый ушырасыў үш мәмлекет арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди тереңлестириўге, турақлы саўда, транспорт ҳәм энергетика коридорларын жаратыўға, сондай-ақ, регионаллық интеграция процесслерин жеделлестириўге хызмет ететуғынын айрықша атап өтти.












