баннер
25 Apr 2025
22:44

    Ферғана ўәлаяты ҳәкими Қырғыз Республикасының "Данк" ордени менен сыйлықланды

    Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров Ферғана ўәлаяты ҳәкими Хайрулло Базаровты сыйлықлады.

    Ферғана ўәлаятының ҳәкими Хайрулло Базаров Өзбекстан ҳәм Қырғызстан халықлары арасындағы дослық байланысларды раўажландырыўға қосқан үлеси және саўда-экономикалық мәселелердеги хызметлери ушын Қырғыз Республикасының "Данк" ордени менен сыйлықланды.

    Бүгин Бишкек қаласында болып өткен мәмлекетлик сыйлықларды салтанатлы тапсырыў мәресиминде бул сыйлық Қырғызстан Президенти Садир Жапаров тәрепинен ўәлаят ҳәкимине тапсырылды.

    - Өзбекстан Республикасы Ферғана ўәлаяты ҳәкими Хайрулло Базаровты "Данк" ордени менен сыйлықлаў ҳаққында қарар қабыл етилди. Бизге белгили, ол қоңсылас Баткен ҳәм Ферғана ўәлаятлары арасындағы саўда-экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыўда үлкен рол атқарған. Оның қырғыз ҳәм өзбек халықлары арасындағы туўысқанлық қатнасықларын беккемлеў, еки мәмлекет исбилерменлериниң өз-ара бирге ислесиўин қоллап-қуўатлаўға қосқан үлесин айрықша атап өтпекшимен. Себеби, "Қоңсысы жақсы болғанның үйи тыныш," деп бийкарға айтылмаған, - деди Садир Жапаров.

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech