Айрықша жағдайлардың алдын алыў бойынша жаңа көзқараслар додаланды

    Президент Шавкат Мирзиёев айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў системасын жетилистириўге байланыслы презентация менен танысты.

    Мәмлекетимизде халықтың қәўипсизлиги әзиз байлық сыпатында қорғалады. Ҳәр қыйлы қәўип-қәтерлер пайда болып атырған ҳәзирги заманда айрықша жағдайлар уйымлары системасын да жетилистириў зәрүрлиги туўылмақта.

    Тараўда 30 дан аслам нызам ҳүжжетлери қабыл етилген болса да, елеге шекем айрықша жағдайлардан қорғаў бойынша комплексли бағдарлама жоқ. Буннан 16 жыл алдын қабыл етилген "Өрт қәўипсизлиги ҳаққында"ғы нызам да гөнерген.

    Сонлықтан, айрықша жағдайларды алдыннан баҳалап, жедел ҳәм проактив ислейтуғын система жаратыў ўазыйпасы қойылған.

    Презентацияда жуўапкерлер бул бағдардағы таллаў нәтийжелери, бар машқалалар ҳәм усынысларын билдирди.

    Ҳәзир айрықша жағдайлардың алдын алыў бойынша профилактикалық жумыслар тийкарынан мәмлекетлик уйымларда әмелге асырылмақта. Бирақ бундай жағдайлардың 70 проценттен асламы халықтың үйлеринде насаз, мүддети өткен газ ҳәм электр үскенелеринен пайдаланыў, қәўипсизлик мәдениятына әмел етпеў ақыбетинде жүзеге келмекте.

    Соның ушын система жумысын мәҳәллелерде шөлкемлестирип, айрықша жағдайлардың алдын алыў, қәўипсизлик мәдениятын арттырыў бойынша илажлар менен ҳәр бир мәҳәлле, ҳәр бир көше ҳәм шаңарақты қамтып алыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.

    Тараўда санлы технологиялар ҳәм заманагөй техникалық қураллардан пайдаланыў дәрежеси бираз төмен, бул бағдардағы жумыслар елеге шекем заман талапларына бейимлестирилмеген.

    Сонлықтан, тараўда санлы инфраструктура жаратыў, айрықша жағдай ҳаққында хабар бериўден баслап, оны толық сапластырыўға шекемги барлық процесслерди санластырыў, сондай-ақ, жаңа жумыс ислеў механизмлерин енгизиў бойынша тапсырма берилди.

    Айрықша жағдайларды жедел сапластырыў ушын заманагөй техника ҳәм үскенелерди көбейтиў, оларды өзимизде ислеп шығарыўды жолға қойыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

    Кейинги жылларда мәмлекетимизде барлық тармақлар трансформацияланбақта, қурылыс индустриясы өзгермекте. Барлық тараўларда "жасыл" технологиялар кеңнен енгизилмекте. Олар арқалы жүзеге келиўи мүмкин болған жаңа түрдеги техноген қәўип-қәтерлерди баҳалап, алдын алыў ушын заманагөй кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыўдың үзликсиз системасын жаратыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    Усы мүнәсибет пенен Айрықша жағдайлар министрлиги академиясында дуал билимлендириўди жолға қойыў ҳәм маманлық арттырыў орайын шөлкемлестириў, профессионал қутқарыўшыларды таярлаў, оқытыў ҳәм илимий изертлеўлер көлемин кеңейтиў тапсырылды.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates