Наўайы халықаралық аэропортының тийкарғы көрсеткишлери 2025-жылы 2024-жылға салыстырғанда өскен болса да, ҳаўа кемелерине хызмет көрсетиў, жолаўшы ҳәм жүк тасыў қуўатлықлары толық иске қосылмаған.

Аэропорт инфраструктурасы, техника парки, жүк ҳәм жолаўшы терминалларын модернизациялаў, жумыс процесслерин санластырыў зәрүр.

Презентацияда Наўайы халықаралық аэропортын жойбарды басқарыў принциплери тийкарында раўажландырыў усынысы билдирилди.

Аэропорт «Uzbekistan Airports» АЖның орайласқан оператив басқарыў системасынан шығарылады ҳәм оған жергиликли ҳәм сырт ел авиакомпаниялары менен жолаўшы ҳәм жүк тасыў, транзит ҳәм техникалық қоныўлар бойынша өз бетинше сөйлесиўлер алып барыў ҳәм шәртнамалар дүзиў ҳуқықы бериледи.

Аэропорт дәраматларын оның инфраструктурасын модернизациялаўға бағдарлаў, жанылғы резервуарларын кеңейтиў, ҳаўа кемелерин оңлаў ҳәм бояў хызметлерин жолға қойыў арқалы авиация хызметлериниң экспортын арттырыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Наўайы халықаралық аэропортын раўажландырыў бойынша ислеп шығылған бизнес-реже ҳаққында мағлыўмат берилди. Жойбарға бола, коммерциялық ҳәм авициялық емес хызмет көрсеткишлери 50 процентке арттырылады, 25 тен аслам авиакомпанияның турақлы рейслери жолға қойылады, жүклерди қайта ислеў көлеми 20 мың тоннадан асламға жеткериледи.

Аэропорт аймағында ҳаўа кемелерине техникалық ҳәм коммерциялық хызмет көрсетиўге қәнигелескен "порто-франко" еркин бажыхана зонасын шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.

Ҳаўа кемелерине техникалық хызмет көрсетиў ушын алып келинетуғын арнаўлы үскенелер ҳәм аўысық бөлеклер 2029-жыл 1-январьға шекем бажыхана бажысынан азат етиледи. Сондай-ақ, аэропорт аймағында жайласқан мийманхананы аэропорт басқарыўына өткериў бойынша қарар қабыл етилди.

Презентацияда пуқаралық авиация кәрханаларын трансформациялаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Кәрханалардың жумыс нәтийжелилигин арттырыў ҳәм олардың финанслық турақлылығын тәмийинлеў бойынша қәрежетлерди қысқартыў, ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм тийкарғы жумысқа байланыслы болмаған хызметлерди аутсорсингке бериўди нәзерде тутатуғын комплексли илажлар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Энергия үнемлеўши технологияларды енгизиў, электрде тартылатуғын арнаўлы транспортларды қолланыў арқалы эксплуатация қәрежетлерин азайтыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

«Uzbekistan Airways» ҳәм «Uzbekistan Airports» акционерлик компанияларының тараўға байланыслы болмаған жумысын қаржыландырыў 2026-жылдан баслап тоқтатылатуғыны белгиленди. «Uzbekistan Airports»тың жумысы 18, «Uzbekistan Airways»тиң жумысы болса 16 тийкарғы ўазыйпа тийкарында әмелге асырылады.

Атап айтқанда, хызметлер сапасын жақсылаў арқалы кәрханалардың бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, хызметлер ҳәм өнимлердиң өзине түсер баҳасын есаплаўдың оптимал усылларын енгизиў, өндирис процесслериниң барлық басқышларын санластырыў, кадрлар таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў тийкарғы ўазыйпалар сыпатында белгиленген.

Трансформациялаў шеңберинде шөлкемлестириў структураларын қайта көрип шығыў, штатларды оптималластырыў, халықаралық кредит рейтинглерин арттырыў, IPOға шығыў ҳәм корпоратив халықаралық облигацияларды жайластырыў илажлары әмелге асырылады.

Мәжилисте авиация тармағында кадрлар таярлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў, соның ишинде, Пуқаралық авиациясы университети ҳәм оның жанында авиация техникумын шөлкемлестириў бойынша жумыслардың барысы да көрип шығылды.

Билимлендириў мәкемелери Embry-Riddle (АҚШ) ҳәм ENAC (Франция) сыяқлы жетекши халықаралық авиация билимлендириў орайлары менен биргеликте шөлкемлестириледи. Университетте әмелий кәсиплер - бортбақлаўшы, авиация техникасы ҳәм механиклерин таярлаў менен бирге, ушыўшы, инженер, авиация диспетчери ҳәм менеджерлерин де таярлаў жолға қойылады. Илимий бағдарламаларды әмелге асырыўды да жолға қойыў режелестирилген.

Президентимиз усынысларды мақуллап, жуўапкерлерге тийисли көрсетпелер берди.