Пуқараларға жасқа байланыслы пенсияны тайынлаў тәртиби жеңиллестириледи

    Олий Мажлис Сенатының алтыншы жалпы мәжилисинде "Халыққа социаллық хызметлер көрсетиў системасының буннан былай да жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы нызам көрип шығылды.

    Бул нызам халыққа социаллық хызметлер көрсетиў системасын буннан былай да жетилистириўге қаратылған. Нызам менен халыққа пенсия тайынлаў системасына заманагөй мәлимлеме технологияларын жедел енгизген ҳалда, мәмлекет тәрепинен көрсетилип атырған хызметлердиң сапасын буннан былай да арттырыў мақсетинде "Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында"ғы Нызамға пенсия алыў жасына жеткен (ерлер 60 жас, ҳаяллар 55 жас) пуқараларға жасқа байланыслы пенсияны олардың өз алдына мүрәжатын талап етпеген ҳалда проактив түрде тайынлаў тәртибин белгилеўге байланыслы өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

    Бул тәртип әмелиятқа енгизилиўи нәтийжесинде пуқаралардан пенсия тайынлаў ушын Пенсия қорының аймақлық бөлимине ямаса Мәмлекетлик хызметлер орайына мүрәжат етиў талап етилмейди.

    Буннан тысқары, пенсия жасына жеткен пуқараларға нызамшылықта белгиленген талаплар шеңберинде пенсия тайынлаў ҳаққында қарар қабыл етилгенде олардың телефон номерлерине пенсия тайынланғанлығы ҳәм оның муғдары ҳаққында СМС хабар жибериледи.

    Нызамда сондай-ақ, пуқара пенсия жасына жетип, бирақ мийнет етиўди даўам еттирип, кейин ала жасқа байланыслы пенсия алыў тилегинде болғанында, проактив түрде тайынланған жасқа байланыслы пенсияны бийкарлаў тәртибин де енгизиў нәзерде тутылмақта.

    Сондай-ақ, Нызамға тийкарланып социаллық қорғаўға мүтәж халық қатламларына барлық напақаларды тайынлаў ҳәм төлеў Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң ўәкиллигине өткерилгенлиги мүнәсибети менен "Мәмлекетлик бажы ҳаққында"ғы ҳәм "Халықтың бәнтлиги ҳаққында"ғы нызамларға да өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиледи.

    Сенаторлардың пикиринше, белгиленетуғын нормалар пуқараларға пенсия тәмийнаты бойынша көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлердиң сапасын арттырыўға ҳәм артықша бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыўға хызмет етеди.

    Қызғын додалаўдан соң Нызамның әҳмийетлилиги ҳәм зәрүрлигин итибарға алып, ол сенаторлар тәрепинен мақулланды, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.


    No date selected
    July 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates