Биринши бөлимде есап ашылмады. Екинши бөлимниң басында болса жарыс ийелери дәрўазасына қарай пенальти белгиленди. Бул жағдайды Жамшидбек Рустамов анық орынлап, есапты ашты.
Арадан 6 минут өтип есап 2:0 болды: Өзбекстан қарсыласының жоқары қорғаныў сызығынан пайдаланды. Фариджан Абдуллаевтан Ҳабибуллаевқа шекем бир тийиниўде анық узатпалар сериясынан соң Ҳабибуллаев жарима майданы орайына топ асырды ҳәм Асылбек Алиев топты дәрўазаға жайластырды.
70-минутта Рустамов ойынға нуқта қойды ҳәм усы тәризде избе-из жетинши мәрте турнирдиң плей-офф басқышына жол алған ҳәм чемпионлыққа талабанлардан бири сыпатында көринип атырған Өзбекстан сайланды командасының табыслы ойынын жуўмақлады.
Усы тәризде, Өзбекстан 9 очко менен А топарында 1-орынды ийелеп, шерек финал басқышына жоллама алды. Майданг ийелери болса 6 очко менен топарда 2-орынды ийелеп, плей-оффқа шықты. Өзбекстан жас өспиримлер командасы 13-апрель күни шерек финалда В топарында екинши орынды иелеген командаға қарсы майданға түседи. Қарсылас 10-апрель күнги Япония - Австралия ҳәм Вьетнам - БАӘ ушырасыўынан кейин мәлим болады.
Азия кубоги U-17. 3-тур.
Саудия Арабистаны U17 - Өзбекстан U 17 - 0:3
Голлар: 0:1 - 57, Жамшидбек Рустамов, 0:2 - 63, Асылбек Алиев, 0:3 - 70, Жамшидбек Рустамов.