Мине усындай итибар нәтийжесинде, бир қатар спорт түрлери қатарында миллионлар ойыны болған футбол бойынша да көплеген жоқары нәтийжелерге ерисип атыр.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев «Арал» футбол командасы ҳәм «Арал ҚҚГаз» футзал командасы ағзалары менен ушырасты.
Өткерилген илажда бүгинги күни спортшыларымыздың ерисип атырған жоқары нәтийжелери, спортшы жасларға жаратылып атырған шараятлар, футболды раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында кең түрде сөз етилди.
Сондай-ақ, Өзбекстан биринши лигасында мүнәсип қатнасқан «Арал ҚҚГаз» футзал командасы ағзалары баҳалы саўғалар менен хошаметленди.
Буннан соң, «Арал» футбол командасына жаңадан қабыл етилген футболшыларға команданың арнаўлы формалары, ал, командаға болса, арнаўлы автомашина тапсырылды.
Илажда Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.