Қоңырат районы да республикамыздың шетки аймағында жайласқан болып, Қазақстан Республикасы менен шегаралас район саналады. Районда жәми 27 мыңнан аслам газден пайдаланыўшы тутыныўшылар бар. Соннан, 26 360 жеке хожалықтың 3597 си көп қабатлы жайларда жасайды.
– Сондай-ақ, районда 644 көтере тутыныўшылар бар. Олар тийкарынан өним ислеп шығарыў ҳәм халыққа турмыслық хызмет көрсетиў менен шуғылланып келмекте,-дейди Коңырат районлык газ тамийнаты бөлиминиң суйылттырылған газ хызметиниң баслығы Бахыт Байниязов.
Ал, район орайынан узақта жайласқан елатлы пунктлерде, яғный, тәбийғый газ жетип барыўы қыйын саналған Әдебият, Әжинияз, Көкдәрья, Қыпшақ, Рәўшан, Сүўенли, Үстирт ҳәм Хорезм аўыл пуқаралар жыйынларында, жәми 2893 хожалық суйылттырылған газге бейимлестирилген.
Усы суйылттырылған газ тутыныўшыларына районда жайласқан «Қоңырат газ толтырыў» шақапшасы арқалы газ баллонлар жеткерип бериледи. Район аймағындағы ҳәр бир суйылттырылған газ тутыныўшысы газ тәмийнаты хызметкерлериниң дыққат итибарында болып, ҳәкимият пенен бирге тастыйықланған реже-график тийкарында суйылттырылған газ баллонлары өз ўақтында иркинишсиз, арнаўлы транспортларда турақлы түрде жеткерип берилмекте. Суйылтырылған газ тутыныўшыларына быйылғы жыл басынан 84,2 тонна суйылттырылған газ жеткерип бериў режелестирилип, әмелде 86,6 тонна суйылттырылған газ жеткерип берилген.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.