Сөйлесиўде Өзбекстан ҳәм Финляндия арасындағы бирге ислесиўдиң унамлы пәти ҳәм перспективалары додаланды, экономикалық ҳәм инвестициялық шерикликти кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.

Сондай-ақ, министрлер регионаллық процесслер бойынша тығыз муўапықласыўды сақлап қалыў ҳәм халықаралық майданларда бирге ислесиў мәселелери бойынша пикир алысты.

Еки тәреплеме күн тәртиби бай ҳәм келешекке қаратылған, соның ишинде, еки мәмлекет арасындағы шерикликти және де беккемлеўге қаратылған бир қатар биргеликтеги басламалар ҳәм болажақ илажларды өз ишине алғаны атап өтилди.