Сөйлесиўде ҒМДА шеңбериндеги бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, мәмлекетлер арасында парламентлераралық сөйлесиўди жеделлестириў, регионаллық турақлылық ҳәм өз-ара исенимди беккемлеў мәселелери додаланды.
Илаж қатнасыўшылары Президент Эмомали Раҳмон тәрепинен Душанбе қаласындағы "Қасри Миллат" мәмлекетлик сарайы бойлап шөлкемлестирилген қысқа экскурсия даўамында бул имараттың тарийхый-архитектуралық әҳмийети менен де танысты.









