Ушырасыўда Германия Өзбекстанның Европадағы исенимли ҳәм ўақыт пенен
сыналған шериклеринен бири сыпатында жоқары баҳаланатуғыны атап өтилди. Кейинги
жылларда Өзбекстан - Германия қатнасықлары жоқары дәрежедеги әмелий сапарлар ҳәм
турақлы сиясий сөйлесиўлер себепли избе-из раўажланбақта.
Еки тәреплеме қатнасықлардың әҳмийетли мәселелери додаланды, жоқары
дәрежеде ерисилген келисимлерди өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў әҳмийетли
екени атап өтилди.
Сыртқы ислер министри елшиге Өзбекстандағы жуўапкершиликли ҳәм абырайлы
дипломатиялық жумысында үлкен табыслар тиледи.