Атап өтилиўинше, Саудия Арабстаны мийрасхоры, бас министри Муҳаммад бин Салмон бин Абдулазиз Ол Сауд қәўендерлигинде ҳәр жылы өткерилетуғын бул абырайлы илажда дүньяның ҳәр қыйлы жерлеринен келген қатнасыўшылар билимлендириў, экономика, технология тараўындағы машқалалар, оларға инновациялық шешимлер табыўға қаратылған мәселелерди додалайды.
Итибарлы тәрепи, Өзбекстан Орайлық Азия мәмлекетлери арасында бул абырайлы илажға мирәт етилген бирден-бир мәмлекет.
Форумның биринши күнинде-ақ, Өзбекстан Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги ҳәм Ислам раўажланыў банки арасында 40 миллион долларлық грант шәртнамасына қол қойылды.
Ислам раўажланыў банки (ИРБ) Президенти Муҳаммад ал-Жассар менен ушырасыўда Global Partnership for Education (GPE) тәрепинен билимлендириў тараўына грант шәртнамасына қол қойылды.
Жойбардың тийкарғы бағдарлары болса төмендегише:
республика бойынша 58 жаңа инклюзив мектеп қурылысы;
мектеплерди заманагөй үскенелер менен тәмийинлеў;
оқытыўшылардың маманлығын арттырыў бойынша бағдарламалар;
инклюзив билимлендириўди раўажландырыў;
оқыў бағдарламаларын жетилистириў;
мектепке шекемги билимлендириўдиң сапасын арттырыў.