Қаланың 1600 ден аслам халқы эвакуация етилди, жүзлеген имаратлар жар жағасына келип қалды. Қалада жәми 25 мыңға шамалас халық жасайды.

880 имарат қәўипли аймаққа кирип қалған. Нишеми тарийхый орайы, соның ишинде, XVII әсир ширкеўлери ҳәм 4000 нан аслам сийрек ҳәм тарийхый қунлы китаплар сақланатуғын китапхана қәўип астында.

Жер көшкиси ақыбетинде ҳеш ким набыт болмаған. Эвакуация етилген үйлердиң халқы туўысқанларының үйине көшкен, айырымлары спорт майданы, мини мийманханаларға, ең кексе жастағылары болса қариялар үйлерине жайластырылған.

Нишемидеги көшки шегарасы 25-январьда қозғала баслады. Төрт километр узынлықта жарық пайда болып, ол кеңейип бармақта, деп жазбақта meduza.io.