Бул ҳаққында Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң мәлимлеме хызмети хабар берди.
Атап өтилиўинше, грант бөлистириў ушын арза бериўге үлгермей қалғанлар 10-августқа шекем ҳүжжетлерин усыныўы мүмкин. Арзалар жоқары оқыў орынларының веб-сайтлары арқалы ямаса kontrakt.edu.uz сайты арқалы қабыл етилмекте.
Студентлер арза бериўде 3 түрли гранттан бирин таңлаўы керек:
Толық ҳәм толық емес грант (GPA 3,5 тен жоқары);
Қосымша мәмлекетлик грант (тек ғана социаллық қорғаў реестринде "қызыл" ҳәм "сары" категориядағы шаңарақлардың ағзалары ушын, GPA 4 тен жоқары);
ЖОО гранты (GPA 3,3 тен 4 ке шекем).
Жеңилликли ямаса мақсетли грантқа киргенлер, сондай-ақ, сыртқы, кешки ҳәм аралықтан турып оқыйтуғынлар арза жибере алмайды.









