Бул уллы байрамның халқымыз турмысында тутқан орны шексиз. Миллий ғәрезсизлик инсанға инам ететуғын еркинлик, азатлық пүткил өмиримиз, турмысымыз мазмунының өзеги болып есапланады. Негизи беккем болмаған терек бийик өспегени ямаса өскени де морт болғаны сыяқлы, ғәрезсизлик турақлы раўажланыў гиреўи болып есапланады. Соның ушын да бул күн халқымыздың жәмийетлик-сиясий, руўхый турмысында шексиз орын ийелеген, ҳәр жылы ең уллы, ең әзиз байрам сыпатында үлкен қуўаныш пенен белгиленеди.
Елимиздиң раўажланыўы жолында әмелге асырылып атырған әҳмийетли жаңаланыўлар ҳәм реформалар, илимниң раўажланыўы, спорт тараўындағы жетискенликлер, түрли тараўларда излениўлер алып барып атырған илимпазларымызға жоқары итибар, республикамыздың экономикасы ҳәм социаллық турмысының ҳәр бир тараўына инновацияларды енгизиў бойынша исленип атырған ҳәрекетлер бүгин өз нәтийжесин бермекте. Елимизде әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслар, заманагөй технологиялардан пайдаланған ҳалда өндиристиң шөлкемлестирилиўи буның айқын мысалы болып есапланады.
Ғәрезсизликтиң қәдири ҳәм әҳмийети жылдан-жылға артып бармақта. Мәмлекетимиз раўажланыўдың жаңа басқышына қәдем қойып, барлық тараў ҳәм тармақларда жаңаланыў процесслери болып өтпекте. Өткен дәўир еркин ҳәм абадан турмысты, уллы келешекти тек ғана ғәрезсизлик тийкарында ғана қурыў мүмкин екенин көрсетти. Бул ўақыт ишинде суд-ҳуқық тараўында да үлкен өзгерислер жүз берди, тараў түп-тийкарынан жаңаланды, десек қәте болмайды. 2023-жылы улыўмахалықлық референдум тийкарында Конституциямыздың жаңаланғаны болса барлық бағдар ҳәм тараўларда өз нәтийжесин көрсете баслады.
Ғәрезсизлигимиздиң 34 жыллығы "Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!" сүрени астында өткерилиўинде де терең мәни бар, пүткил дүньяда сиясий турақсызлық жүз берип атырған ҳәзирги күнлерде, бизиң бирликке, аўызбиршиликке және де көбирек зәрүрлигимиз бар. Мәмлекетимиз басшысының "Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз төрт жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында"ғы қарарында да көп миллетли ҳәм көп конфессиялы жәмийетимиздеги тынышлық, өз-ара дослық ҳәм аўызбиршилик орталығы - бизиң бийбаҳа байлығымыз екени, оны қәстерлеп сақлаў ҳәм беккемлеў бәршемиздиң муқаддес миннетимиз болып қалыўы зәрүр екени айрықша атап өтилгени дыққатқа ылайық.
Ҳеш бир мәмлекет өз алдына раўажланған емес. Себеби қурамалы дүньяның көплеген машқалалары әйне бирге ислесиўде, дослық тәризинде шешиледи. Усы көзқарастан қарағанда, Өзбекстанда қәўипсизлик, миллетлераралық татыўлық ҳәм диний кеңпейилликти тәмийинлеў, терең ойланған, өз-ара пайдалы ҳәм әмелий руўхтағы сыртқы сиясат жүргизиў арқалы мәмлекетимиз ғәрезсизлигин ҳәм суверенитетин беккемлеў, қоңсыларымыз бенен бәсекилесиў емес, ал бирге ислесиў, регионымыздағы машқалаларды биргеликте шешиў принципине қатаң әмел етилмекте. Мәмлекеттиң халыққа бундай қайырқомлығы нәтийжесинде адамлардың руўхыйлығында үлкен өзгерис жүз берди. Пуқаралардың социаллық белсендилиги артты, сиясий хабардарлық дәрежеси көтерилди.
Және бир гәп. Ғәрезсизлик жылларында жаңа әўлад камалға келди. Ең әҳмийетлиси, өмириниң мәнис-мазмуны, мақсет ҳәм көзқарасы түп-тийкарынан өзгерген ўатанласларымызды ғәрезсизликти және де беккемлеў, тынышлық-татыўлығымызды көздиң қарашығындай қәстерлеп сақлаў, бәркамал әўладты тәрбиялап, мәмлекетимиздиң дүньядағы абырайын буннан былай да арттырыўдай ийгиликли мақсетлер бирлестирди.
Ғәрезсизлик - миллетимиз, елимиздиң дүньядағы абырайы, даңқын көтеретуғын саламат әўладты, ҳәр тәреплеме бәркамал ҳәм пидайы ул-қызларды тәрбиялаў, оларды камалға келтириў ҳәм бахтын көриў болып табылады.
Улыўма алғанда, отыз төрт жыл - тарийх ушын тек бир ғана ўақыт. Бирақ бул дәўирде жанажан Ўатанымыз барлық тараўларда үлкен жетискенликлерге еристи. Әсиресе, кейинги 7-8 жылдағы жаңаланыўлар нәтийжесинде қолға киргизип атырған жетискенликлеримиз, ерисип атырған үлкен нәтийжелеримиз әсирлерге татырлық. Себеби, көп санлы ўатанласларымыз бул күнди, шын мәнисинде еркинликти, азатлықты, ғәрезсизликтиң тийкарғы мәниси болған ҳүрметти, инсан қәдирленетуғынын узақ күтти. Ең әҳмийетлиси, кейинги жылларда алып барылып атырған халықшыл сиясат, халқымыз, әсиресе, жасларға өз потенциалын ҳәм қәбилетин жүзеге шығарыў жолында жаратылып берилип атырған шараятлар, бул бағдарда усынылып атырған қолайлықлар адамлардың руўхый дүньясында үлкен өзгерислер жасады. Бул унамлы өзгерислер, бәринен бурын, халықтың турмыс тәризинде, күнделикли турмысында көзге тасланбақта.
Муножат ЙЎЛЧИЕВА,
Өзбекстан Қаҳарманы









