баннер
16 Apr 2025
22:51

    Ҳәпте даўамында қубла ҳәм шөл аймақларында ҳаўа температурасы +33 дәрежеге шекем ысыйды

    Апрель айының биринши күнлеринде Өзбекстан аймағы бойынша қурғақ ҳәм жыллы ҳаўа-райы болыўы күтилмекте.

    Ертең күндиз температура +22...+27 дәрежени қурайды, жумыс ҳәптесиниң ақырына келип ҳаўа +28...+30 дәрежеге шекем, қублада ҳәм шөл аймақларында +33 дәрежеге шекем ысыйды. Бул апрель айының басы ушын болған нормативлик мәнислерден +5...+7 дәрежеге жоқары.

    Республиканың арқа-батыс аймақлары - Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаятында 1-3-апрель күнлери күндизги температура +25...+30 дәреже болған қурғақ ҳәм жүдә жыллы ҳаўа-райы болыўы күтиледи, 4-апрельде болса температура +5...+7 дәрежеге төменлейди, айырым жерлерде жаўын жаўыўы мүмкин.

    Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, 3-4-апрель күнлери республика бойынша 15-20 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.

    Бүгин Ташкентте ҳаўа бираз бултлы, ўақты-ўақты менен өзгерип турады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи. Температура түнде 10-15 градус, күндизги ўақытлары 1-2-апрельде 24-26 градус, 3-4-апрельде +26...+29 градус болады.

    Телеграм каналымыз
    Text to speech