25-27-ноябрь күнлери температура тийкарынан түнлери +2...+7 дәреже ыссы, күндизлери +15...+20 дәреже ыссы, қублада түнлери +7...+12 дәреже ыссы, күндизлери +17...+22 дәреже ыссы әтирапында болады.
Тек ғана Қарақалпақстан Республикасында суўық ҳаўа-райы сақланып қалады, температура түнги ўақытлары -2...-7 градус суўық, күндизлери болса +7...+12 градус ыссыдан артпайды.
Усы күнлери республика бойынша қурғақ ҳаўа-райы болыўы күтилмекте, тек ғана Ташкент ўәлаятының айырым орынларында 26-ноябрь күни түнде ҳәм азанда азғана жаўын жаўыўы мүмкин.
Ҳәпте екинши ярымында Өзбекстан аймағына Каспий теңизи аймақларынан ығаллы ҳаўа кирип келиўи басланады.
28-29-ноябрьде республиканың көпшилик ўәлаятларында айырым жерлерде жаўын жаўады, тек ғана Ферғана ойпатлығы ўәлаятларында ҳәм 28-ноябрьде Ташкент, Сырдәря ўәлаятларында қурғақ ҳаўа-райы сақланады.
Жаўын жаўыўы жыллы ҳаўа-райында бақланады, 28-ноябрьде температура түнде +7...+10 градус ыссы, күндиз +17...+20 градус әтирапында болады. 29-ноябрьде температура төменлеўи басланады, күндизги температура +10...+13 дәреже ыссыны қурайды.
Республиканың айырым жерлерине думан түседи.
Самалдың бағыты шығыстан өзгерип, батыстан 7-12 м/с тезликте еседи, 28-29-ноябрь күнлери айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейеди.
28-ноябрьде Ташкент ўәлаятының таўлы аймақларында, 28-29-ноябрьде республиканың таўлы аймақларында айырым жерлерде жаўын жаўады, бийик таўларда жаўын-шашын (жаўын, қар) болады.
Пайтахтымызда: 25-28-ноябрьде жаўын-шашын күтилмейди. Ҳаўаның температурасы тийкарынан түнде +4...+7 дәреже жыллы, 28-ноябрьде +7...+10 дәреже жыллы, күндиз +17...+20 дәреже жыллы болады.
29-ноябрьде ўақты-ўақты жаўын жаўады. Ҳаўаның температурасы түнде +7...+10 градус жыллы, күндиз +10...+13 градус жыллы болады.
Шығыстағы самал бағытын өзгертип, батыстан орташа тезликте еседи.