Оған Өзбекстан Республикасы Кәсиплик аўқамлары Федерациясы Баслығының орынбасары Б.Султанов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Ахмедова, Кегейли районы ҳәкими А.Камалов, сектор басшылары, ҳәким орынбасарлары ҳәм райондағы «Мәҳәлле жетиликлери» қатнасты.
Семинарда шығып сөйлеўшилер тәрепинен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 10-декабрьдеги 833-санлы қарары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2024-жыл 23-декабрьдеги арнаўлы протоколында белгилеп берилген ўазыйпаларды орынлаў, сондай-ақ, район аймағындағы мәҳәллелерде ҳаял-қызлардың машқалаларын үйрениў ҳәм «Ҳаял- қызлар дәптери»ниң 6-басқышын сапалы шөлкемлестириў бойынша ислениўи тийис ўазыйпалар кең түрде додаланып, орынларда жүз берип атырған кемшиликлерди сапластырыў бойынша жуўапкерлерге көрсетпелер берилди.
Илажда қатнасыўшылар тәрепинен баянатшыларға сораўлар берилип, оларға жуўаплар алды.
Усы мазмундағы семинарлар республикамыздың басқа аймақларында да болып өтпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.