Ҳайўанларды идентификациялаўды тәртипке салатуғын нызам мақулланды

    28 мамыр 2025 580

    Олий Мажлис Сенатының 28-май күни өткерилген жалпы мәжилисинде "Ҳайўанларды идентификациялаў, дизимге алыў ҳәм бақлаў ҳаққында"ғы нызам көрип шығылды.

    Атап өтилгениндей, соңғы жыллары мәмлекетимизде шарўашылықты раўажландырыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм тараўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта.

    Буннан тысқары, тараўға өндиристиң заманагөй усылларын кеңнен енгизиў арқалы қосымша қун шынжырын жаратыў, мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм илим жетискенликлеринен нәтийжели пайдаланыў мәселелери де үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

    Бирақ ҳәзирги ўақытта ҳайўанларды идентификациялаў жумыслары толық әмелге асырылмай атырғаны оларда қәўипли жуқпалы кеселликлерге қарсы профилактикалық шаншыў илажларын өткериў ҳәм эпизоотиялық турақлылықты кепилликли сақлаў имканиятын шеклемекте.

    Сондай-ақ, идентификация процесслери санластырылмағаны, мағлыўматлар базасы орайластырылмағаны нәтийжесинде ҳайўанлардың анық есабын жүргизиўдеги машқалалар да сақланып қалмақта.

    Усы Нызамда Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети ҳайўанларды идентификациялаў, дизимге алыў ҳәм бақлаў тараўындағы ўәкилликли уйым етип белгиленбекте.

    Сондай-ақ, ўәкилликли мәмлекетлик уйым ўәкилиниң ҳәм ҳайўан ийесиниң ҳуқықлары менен миннетлемелери анық көрсетип өтилмекте. Ҳайўанларды идентификациялаў, дизимге алыў ҳәм бақлаўға байланыслы улыўма талаплар және мүддетлер белгиленбекте.

    Ҳайўанларды идентификациялаў, дизимге алыў, бақлаў ҳәм есаптан шығарыў бойынша илажларды шөлкемлестириў, электрон мәлимлеме системасын муўапықластырыў ҳәм реал ўақыт режиминде электрон мәлимлеме алмасыўын тәмийинлеў Ҳайўанларды идентификациялаў, дизимге алыў ҳәм бақлаў орайының ўәкиллиги етип белгиленбекте.

    Сенаторлар тәрепинен атап өтилгениндей, Нызамның қабыл етилиўи нәтийжесинде ҳайўанлардың есабы, олардың нәсил ҳәм саламатлығы ҳаққындағы бирден-бир электрон базасы қәлиплестириледи, сондай-ақ, ҳайўанлардың сақланыўы ҳәм ҳәрекетлениўи (миграциясы) тәртипке салынады және турақлы мониторинг етиў системасы жаратылады.

    Буннан тысқары, ҳайўанлардың қәўипли жуқпалы кеселликлерге толық профилактикалық шаншылыўына ерисиледи. Нәтийжеде ҳайўанлардың түрли жуқпалы кеселликлерге шатылыўы ҳәм набыт болыўының алды алынады. Республикада эпизоотикалық ҳәм эпидемиялық турақлылық тәмийинленеди.

    Додалаў жуўмағында бул Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.


    No date selected
    July 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates