Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Ҳилола Умарова мектепке шекемги билимлендириў системасының жуўапкерлери менен сөйлести.
Сөйлесиўде орайлық ҳәм аймақлық студиялардан республикамыздағы 38 мыңнан аслам мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң басшылары қатнасты.
Илажда системадағы бир қатар машқалалар санап өтилди. Соның ишинде, жеке меншик бақшаларда социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлардың перзентлерин улыўма тәрбияланыўшылар санына салыстырғанда 10 процент муғдарында бийпул қамтып алыўға жетерли итибар қаратылмай атыр.
Айырымларында болса балалардың ҳақыйқый санын жасырыў жағдайлары да ушыраспақта.
Бул машқалалар системаны санластырыў процесин толық жуўмақлаў арқалы сапластырылады.
Айырым шаңарақлық бақшаларда мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған субсидия қаржыларын алыў мақсетинде қатнасыўшылықты жасалма арттырып көрсетиў, әпиўайы етип айтқанда, жақсы мақсетте жаратып берилген имканияттан қыйсық жол менен пайдаланыў жағдайлары бар.
Айырым бақшаларда тәлим-тәрбия процесслеринде мәмлекетлик оқыў бағдарламаларынан шетке шығыў жағдайлары ушыраспақта.
"Ҳәр күни социаллық тармақларда бақшаларда айырым тәрбияшылар тәрепинен балаларға қолланылған турпайылық, тәрбиясызлық жағдайлары сәўлеленген видеокөринислер ҳәм түрли хабарлар тарқатылмақта.
Тек ғана өткен жылдың өзинде мине усы мәселеде министрликке жүзлеген мүрәжатлар келип түскен. Үйрениўлер нәтийжесинде 32 басшы ҳәм тәрбияшы лаўазымынан азат етилди, 3 и жуўапкершиликке тартылды, 15 ине интизамый шара көрилди, 15 жеке меншик бақшаға берилген лицензия бийкар етилди.
Ҳәр бир баланың саламат ҳәм бәркамал болып камалға келиўине мәмлекет кепил! Бул жеке меншик бола ма, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик бола ма ямаса шаңарақлық бақша бола ма, нызам талабы, тәртиплер ҳәмме ушын бирдей!
Тәлим-тәрбия күш ислетиўден жырақ болыўы керек. Балаларға қолайсыз ямаса аяўсыз қатнаста болған тәрбияшы, педагогқа нызам шеңберинде шара көриледи. Кеширим, ескертиўлер менен қутылып қалыў жоқ, бул жерде МБШ басшысының жеке жуўапкершилиги де күшейтиледи. Буны системада ислеп атырған ҳәр бир басшы, педагог, тәрбияшы ҳәм жәрдемши хызметкерлер бирдей түсиниўи, усы тәртипке әмел етиўи шәрт!", - дейди министр өзиниң шығып сөйлеген сөзинде.