Мәмлекетимиз басшысы оның көкирегине "Келешек дөретиўшиси" медалын тағып қойды. Жигит болса жарқын жүз, көтериңки руўх пенен ислеген ислери ҳаққында қысқаша айтып берди. Оның ертеңги күнге үмит, айдын келешекке исеним менен жанып турған көзлери, исенимли сөзлери жаңа әўлад ўәкиллерине тән болды.
Акбарали ҳәзирги ўақытта заманагөй технологиялар жәмийет раўажланыўының тийкары, инновациялық қатнаслар, алдыңғы идеялар ҳәм илим жетискенликлери тийкарғы ҳәрекетлендириўши күшке айланғанын терең сезеди. Сондай-ақ, технологиялық раўажланыў процесинде ең әҳмийетли принциплерден бири ўатанға садықлық, ўатансүйиўшилик екенин жақсы биледи. Оның пикиринше, технология жәрдеминде ерисилген ҳәр қандай жетискенлик, егер ол халықтың абаданлығына хызмет етпесе, қәдирленбейди.
Сурхандәрья ўәлаятының Қумқорған районында өскен 27 жасар Акбарали балалықтан аўылдағы қыйыншылықларды жеңиў, машқалаларға шешим табыўға үйренген. Техникаға муҳаббаты жоқарылығынан ол ескиден жаңалық табыў, өз бетинше тәжирийбе өткериўге қуштар еди. 9-10 жасларында-ақ қурамалы машқалаларға әмелий шешим табыўға ҳәрекет ететуғын еди. Мәселен, электр энергиясы тез-тез үзилип қалған ўақытлары әпиўайы телефон зарядлаўшысы тийкарында автоматикалық жанатуғын шырақлар ислеп, шаңарағы ҳәм жақынларына жәрдем берген.
Дөретиўшилик умтылыслары итибарға алынған ўақытлары "Мәҳәлле - мениң тәғдиримде" таңлаўында 2-орынды ийелеп, планшет пенен сыйлықланғаны жас ойлап табыўшыны руўхландырып жиберди. 2016-жылы дәслепки бизнес идеясын ислеп шығып, "Баслама - 2016" таңлаўына усынды ҳәм "Жас исбилермен өними жәҳән базарында" номинациясы бойынша жеңимпаз болды. 2017-жылы Акбарали Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты (ТИАХМИИ миллий изертлеў университети) на ең жоқары балл менен грант тийкарында қабыл етилди. Буннан жигит сирә ҳаўлыгып кетпеди. Керисинше, оқыў даўамында да ата-анасынан материаллық жәрдем алмаўға қарар етти. Сабақлардан соң жүк тасыў, күнделикли мийнет арқалы тапқан қаржысы менен инновациялық жойбарларын қаржыландырып барды.
Биринши инновациялық қәдем
2018-2019-жылларда Акбарали биринши прототип жойбары - СмартГидрони таярлады. Қурылма суўдан энергия алыўдан тысқары тамшылатып суўғарыў ушын зәрүр басым да бере алғаны ушын "Пүткил жер жүзилик суў күни - 2019" шеңбериндеги таңлаўда 1-орынға мүнәсип деп табылды.
Соннан кейин жәмәәти менен бирге пидайы жумысқа кирискен қаҳарманымыз аўыл хожалығына Smart Drip Irrigation System - ақыллы тамшылатып суўғарыў системасын усынды. Бул жойбар да 2021-жылы Инновациялық раўажланыў министрлиги тәрепинен өткерилген "Innoweek – Technoways" марафонында 1-орынға ылайық деп табылып, оны қаржыландырыў ушын 30 миллион сум ажыратылды. Кейин ала жетилистирилген, 420 мың АҚШ доллары есабынан қаржыландырылған ақыллы суўғарыў системасы ҳәзир Өзбекстанның 6 аймағында әмелиятқа енгизилген.
Экологиялық таза электр тракторы ҳәм МТУ35
Ақыллы тамшылатып суўғарыў технологиясынан мәпдар адамлардың унамлы пикирлери енди Акбаралини және де үлкенирек ҳәм техникалық жақтан қурамалырақ жойбарға ийтермеледи. Нәтийжеде 2023-жылы НЕТА - айдаўшысыз электр трактор агрегаты жойбарына тийкар салынды. Бул тек ғана технологиялық жаңалық емес, ал дийқанлар, фермерлер ҳәм агросанаат тараўы ушын альтернатив шешим ҳәм үлкен имканият болды. Оның ең үлкен абзаллықларынан бири - толық электр энергиясында ислеўи ҳәм әдеттеги дизель тракторларына салыстырғанда 80 процентке шамалас экономикалық нәтийжелиликти көрсетиўи болып есапланады. Бул қоршаған орталыққа зыян жеткермеўден тысқары, жанылғы қәрежетин кескин азайтады.
НЕТА көплеген халықаралық конференциялар ҳәм абырайлы әнжуманларда усынылып, бир қатар инвесторлар ҳәм шөлкемлердиң итибарына еристи. 2025-жылға келип жойбар техникалық ҳәм функционаллық жақтан және де жетилистирилди. Оның тийкарында және бир жаңа әўлад қурылмасы - МТУ35 (миллий изертлеў университети ҳәм трактордың 35 ат күшине тең болған техникалық күши) ойлап табылды.
Бул ойлап табыў экологиялық таза, гибрид электр қуўат системасы, айдаўшысыз жүриў имканияты, аралықтан басқарыў (12 километрге шекем радиуста басқарылыўы мүмкин), заманагөй дизайнге ийе. 2022-жылы ислеп шығылған МТУ35 еле ҳеш бир инвестор тәрепинен қаржыландырылмаған. Барлық техникалық исленбелер, жыйнаў, сынаўлар ҳәм презентациялар университет ҳәм жәмәәттиң ҳәрекети есабынан әмелге асырылды. Сондай-ақ, жоқары оқыў орны тәрепинен техникалық базалар, лабораториялар ҳәм илимий басшылық бойынша турақлы жәрдем берип келинбекте.
Быйыл Жаслар күни мүнәсибети менен өткерилген илажда мәмлекетимиз басшысына МТУ35 ҳаққында мағлыўмат берилди. Ушырасыўда жойбарға унамлы баҳа берилгени Акбарали ҳәм шәкиртлерине көтериңки кейпият бағышлады. Команданың ендиги мақсети - халықаралық инвесторларды тартыў, МТУ35ти ғалабалық ислеп шығарыў ҳәм глобал аўыл хожалығы техникасы базарына шығыў. Себеби, бул жойбарға ҳәзир бир неше ири халықаралық шөлкемлер қызығыўшылық билдирмекте. Бул тез арада реал қаржыландырыў ҳәм экспорт имканияты ашылыўы мүмкин, дегени.
Муножат МУМИНОВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы








