Ҳәр қандай халықтың мәденияты менен көркем өнерине деген ҳүрмет – бул сол халықтың өтмиш тарийхы, миллийлиги, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерине болған ҳүрмет саналады.
Соның ушын да бүгинги байрам тамыры терең тарийхқа ийе көп миллетли халқымыздың, пүткил елимиздиң байрамы, десек алжаспаған боламыз.
Мәденият ҳәм көркем өнер тараўы хызметкерлери, бәринен бурын, бийтәкирар өнери менен халқымыздың руўхый дүньясын байытып киятырған машақатлы ҳәм мақтанышлы кәсип ийелери болып есапланады.
Ҳүрметли тараў хызметкерлери!
Сизлерди бүгинги байрам менен қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарағыңызға тынышлық-аманлық, машақатлы ҳәм мақтанышлы жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймиз!
Аманбай Орынбаев,
Қарақалпақстан Республикасы
Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги