Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде орынлаў тәртибин буннан былай да беккемлеўдиң қосымша илажлары ҳаққында"ғы пәрманы менен 2025-жыл 1-сентябрьден баслап:
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде атқарыў тәртибине жуўапкер структуралық бөлимлер өз алдына структура сыпатында тиккелей биринши басшылар бойсыныўына өткериледи;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң орынлаў тәртибине жуўапкер структурасы хызметкерлериниң Есап палатасы, Министрлер Кабинети ҳәм Әдиллик министрлигинде реже-кесте тийкарында ҳәр үш жылда бир мәрте маманлығын арттырыў әмелияты жолға қойылады.
Министрлер Кабинети қарарларының орынланыўын қадағалаў бойынша жаңа тәртип енгизилиўи мүнәсибети менен;
Әдиллик министрлиги орайлық аппаратының структурасында Өзбекстан Республикасы Президенти ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалары орынланыўын қадағалаў басқармасы негизинде 20 штат бирлигинен ибарат Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Ҳүкимет ҳүжжетлери орынланыўын қадағалаў басқармасы шөлкемлестириледи.
Есап палатасы, Министрлер Кабинети ҳәм Әдиллик министрлиги тәрепинен нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалардың орынланыў жағдайын баҳалаў әмелияты енгизиледи.









