Социаллық қорғаў - инсан қәдири ҳәм әдиллик принципи тийкарында

    Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен халықтың мүтәж қатламына социаллық хызмет ҳәм жәрдемлер көрсетиў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм жәмийетте теңдей имканиятлар жаратыў мақсетинде бүгинги күнде аймақтағы 452 мәҳәлледе 448 социаллық хызметкер жумыс алып бармақта.

    Олар халық пенен тиккелей сөйлесиўге кирисип, мүрәжат ҳәм машқалаларды мәҳәллениң өзинде шешиўге ҳәрекет етпекте.

    2025-жылдың өткен дәўиринде социаллық хызметкерлер тәрепинен үйме-үй жүрип үйрениў арқалы 5 479 социаллық қорғаўға мүтәж пуқара анықланды. Олардың арасында 1 575 майыплық топары белгиленбеген шахслар, 1 798 протез-ортопедия қуралларына мүтәжлер, 837 қәўендерлик ҳәм қайырқомлық белгиленбеген балалар ҳәм 447 басқалардың күтимине мүтәж жалғыз баслы пуқаралар бар.

    Усы жылдың биринши ярымында халықтың жәрдемге мүтәж қатламына 104 түрдеги 136 594 социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетилип, 8 601 пуқараның жәмийетке социаллық бейимлесиўи тәмийинленди. Сақаўат ҳәм көмек қоры есабынан 4,5 млрд сумлық 3 419 материаллық жәрдем берилди.

    Бүгинги күнде Қарақалпақстан аймағында 69 369 майыплығы болған шахс жасамақта. Соннан 10 810 ы - балалар. Олар ушын реабилитация, билимлендириў ҳәм медициналық хызметлер системалы түрде көрсетилмекте.

    Соның ишинде, 3-18 жастағы майыплығы болған 9 907 баладан 86,4% - 7 471 бала билимлендириў мәкемелерине қамтып алынды. Сондай-ақ, психологиялық-медициналық-педагогикалық комиссияның жумысы шеңберинде 3 281 арза көрип шығылып, 2 022 балаға жуўмақ берилип, социаллық хызметлерге жиберилди.

    Президент қарары тийкарында шөлкемлестирилген «Күндизги тәрбиялаў хызмети» ҳәзирги ўақытта Нөкис қаласы ҳәм 6 районда өз жумысын баслады. Онда 69 бала қамтып алынған. Август айының ақырына шекем барлық районларда бул хызмет жолға қойылыўы режелестирилген.

    Нөкис қаласында ата-ана қарамағынан айырылған балалар ушын «Киши көлемли балалар үйи» шөлкемлестирилмекте. Қарақалпақстанда 2024-жылы 71 жетим бала турақ жай менен тәмийинленди. Усы жылы және 87 баланы турақ жай менен тәмийинлеў режелестирилген.

    Усы жылы 101 393 пуқараны (22 131 шаңарақ) кәмбағаллықтан шығарыў мақсет етилген. 36 400 ден аслам шаңарақ кәмбағаллық реестрине киргизилип, 32 902 индивидуал режелер ислеп шығылды ҳәм 172 733 хызмет түри қәлиплестирилди.

    Жанылғы-энергия ресурслары баҳаларын басқышпа-басқыш базар механизмине өткериў дәўиринде мүтәж шаңарақларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў мақсетинде 17 788 шаңараққа 2,4 млрд сумлық компенсация, 74 026 шаңараққа 19,9 млрд сумлық бир мәртелик материаллық жәрдем берилди.

    Халықты социаллық қорғаў бағдарында алып барылып атырған кең көлемли илажлар ҳәр бир инсанның тәғдирине бийпәрўа болмаў, инсан қәдирин жоқарылатыў, жәмийетте әдилликти орнатыўға хызмет етпекте.

    Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

    «Янги Ўзбекистон» хабаршысы.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates