баннер
18 Apr 2025
20:25

    Социаллық ҳәм өндирислик инфраструктура раўажландырылады

    "2025-2027-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында"ғы Президент қарары (454-санлы, 24.12.2024-ж.) қабыл етилди.

    Қарарға муўапық, 2025-жыл 1-январьдан, бюджет системасының бюджетлери есабынан объектлерди қурыў, реконструкциялаў ҳәм оңлаў жумыслары бойынша өткерилген мәмлекетлик сатып алыўларға тийкарланып қурылыс мүддети үш айдан аз болған объектлерге биринши айда объект баҳасының 30 проценти муғдарында аванс қаржылары ажыратылады, кейинги төлемлер белгиленген тәртипте қаржыландырылады.

    2026-жыл 1-январьға шекем сынаў тәризинде, жойбарлаў-смета ҳүжжетлериниң баҳасы БЕМның 6 мың есесинен жоқары болған жойбарлар (объектлер) бойынша төмендегилер тәрепинен экспертизадан өткериледи:

    көлем, техникалық ҳәм смета бөлими (баҳа бөлиминен тысқары) - "Қала қурылысы ҳүжжетлерин экспертизалаў республикалық орайы" МШ тәрепинен;

    товарлар, жумыслар ҳәм хызметлердиң баҳа бөлими - "Жойбарларды ҳәм импорт контрактлерин комплексли экспертизалаў орайы" МУК тәрепинен;

    БЕМниң 6 мың есесине шекемги жойбарлар (объектлер) бойынша қала қурылысы ҳүжжетлери "Қала қурылысы ҳүжжетлерин экспертизалаў республикалық орайы" МШ тәрепинен.

    2025-жыл 1-апрельге шекем қурылысы жуўмақланған объектлерди пайдаланыўға қабыл етиў процесслерин толық санластырыў арқалы ашық-айдын система енгизилиўи тәмийинленеди.

    2025-жыл 1-июльге шекем үлги ҳәм тәкирарый қолланылатуғын жойбар ҳүжжетлери бойынша электрон каталоглардың жаратылыўы және "Ашық-айдын қурылыс" миллий мәлимлеме системасына жайластырылыўы тәмийинленеди.

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech