Илажда университет ректоры ўазыйпасын атқарыўшы О.Дүйсенбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты қәнигелигиниң 90 жыллығы менен қутлықлап, факультеттиң оқыў орында айрықша орны бар екенлиги ҳәм белгили илимпазлар, педагог кадрлар бул дәргайда мийнет етип, олардан билим алған қаншадан-қанша студент жаслар белгили қәнигелер болып жетисип шыққанлығын атап өтти. Буннан соң Түркия, Әзербайжан, Қазақстан, Россия, Түркменстан, Қырғызстан республикаларынан конференцияға қатнасыў ушын келген мийманларға көкирек нышанлар менен саўғалар тапсырылды.
Буннан соң конференция шеңберинде шөлкемлестирилген “Илҳам ҳәм сөз қүдирети” атамасындағы Республикалық таңлаўы жеңимпазлары сыйлықланып, оларға диплом, статутэтка ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.
-Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты қәнигелигиниң 90 жыллық мерекеси бул тек ғана оқыў орны ҳәм бул илажға қатнасыўшылардың емес ал, пүткил қарақалпақ халқының байрамы. Себеби, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты бул халқымыздың Ана тили ҳәм бай әдебий мийрасы деген сөз. Конференцияға бир неше мәмлекетлерден белгили илимпазлардың қатнасыўы бул қарақалпақ тили ҳәм әдебиятына болған олардың ҳүрметин, итибарын билдиреди. Бул конференцияның 1-декабрь- Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн қарсаңында өткерилиўи де жүдә орынлы болып, илаж байрам менен уласып кетеди. Байрам бәршеге қутлы мүбәрек болсын,-дейди таңлаўдың Эссе жанры бойынша биринши орын ийеси Қарақалпақстан халық шайыры Х.Дәўлетназаров.
Илаж университеттиң «Ҳүрлиман» халық ансамбли ағзаларының атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.









