баннер
15 Mar 2025
10:25

    Иллеттиң душпаны - ҳадаллық!

    Президентимиздиң басшылығында коррупцияға қарсы илажлар, бағдарлар белгилеп берилген мәжилисти көрип отырып, Шавкат Мирзиёев жоқары минберде турып айланысқа киргизген "ҳадаллық вакцинасы" сөзи ядыма түсти.

    Сонда дөретиўшилик илҳам толқынланып, тап усы атамада жүдә өткир, жүдә кескин руўхта фельетон-роман, памфлет-роман жазыў да мүмкин екенлигин шамалай баслаған едим.

    Бундай идеяның туўылыўына еки фактор - еки тийкар күш берген еди: бириншиси – көз алдыңызға келтириң, жан дослар, миллетлеслер, ҳадаллық сезими халқымыздың қан-қанына, жан-жанына сиңип кеткенине неше әсирлер, неше мың жыллар гүўа болмаған дейсиз?! Өзбек деген халық адамзат раўажланыўының шоққысына шыққан бир пайытта ҳадаллықтың емин излеп қалса! Ақыры оның орны нийеттиң алдында, истиң басында емес пе?!

    Ана денесинде табысқан еки тамшының "мойнын"дағы ең жоқары мәртебе, ең жоқары дәреже ҳадаллық екенин ким, қашан, қай жерде, қалай адамгершилик дәрежесине көтерген? Саналы, парасатлы, пәлеги таза инсанның өмир ноқаты сол минутлардан басланған, сол ноқат пенен тамамланған. Басқасы бийкар, басқасы өтирик, басқасы әпсана!

    Қолға қәлем алыўға хошамет ўазыйпасын атқарған екинши фактор-тийкар - ҳадаллық мүтәжлиги миллий апатшылық дәрежесине көтерилгени! Иллет сыпатында жоқары дәрежеде тән алыныўы! Алла сақласын, еки планета соқлығысып кетсе, жер силкиниў жүз берсе, бөгет бузылса ҳәм тағы басқа бәле-мәтерлер басына түссе, пүткил халық аяққа турады. Жәмийеттиң ҳадаллықтан бас тартыўы, ҳадаллық (ҳарам деп айтыўға тил бармайды!) мақтанышқа, даңққа айланыўы болса ҳәр қандай қорқынышлы апаттан да қорқынышлы, жаўыз тәбийий апатшылық! Не, өзбек усы ашшы ҳақыйқатлықтың миллий апатшылық дәрежесине көтерилгенин енди билип атыр ма? Енди көзи ашылып атыр ма?!

    Буншелли өтирикши болмасақ?! Буншама көзимизди боямасақ?! Әпиўайылық, ҳийлекерлик те өз орны менен ўатанласлар!

    Президент коррупцияға қарсы гүресиўди улыўмахалықлық кейпиятқа, турмыс тәризине айландырыў зәрүр, деп есапламақта. Илажлар белгилемекте. Бирақ, және де ашығырақ айтсақ, әпиўайы халық ўәкили, әпиўайы мийнеткеш пуқара коррупционер емес, ол бийшараның коррупционерлик артынан нанды түйе етиў имканияты да жоқ. Ашынарлы тәрепи сонда, коррупционердиң даўысын шығарыўға оның қолы қысқа. Өз тәбияты-зейининдеги ҳадаллық қорғанында жанын қәстерлеп-сақлап жасай береди. Қорқады.

    Бул қорқынышты да жеңиўге болады, ең жаман ҳәм қәўетерли қорқыныш – бул басланған истиң қалып қойыўы. Қәўиптиң үлкени - еле де жыйналыспазлық, кампанияпазлық, өзимизди ҳәм дүньяны алдаў, шалғытыў "өнеримиздиң" сақланып қалып атырғанлығында!

    Коррупцияны сапластырыў ҳәм коррупционердиң пайын кесиў-жеңиўдиң бирден-бир илажы - ҳадаллық! Әдилликке, еркке ҳәм әлбетте, күшке сүйенген ҲАДАЛЛЫҚ!

    Хуршид ДЎСТМУҲАММАД,

    жазыўшы


    Телеграм каналымыз
    Text to speech