Бул Маскка тийисли ЅрасеХ ракета-космослық компаниясы оның жасалма интеллект ҳәм социаллық тармақлар менен шуғылланыўшы хАI компаниясын сатып алғанынан кейин жүз берди.

" Forbes с баҳасына бола, 1,25 триллион долларлық бирлескен компанияны жаратқан бул келисим Масктың байлығын бирден 84 миллиардқа, рекорд дәрежедеги 852 миллиард долларға арттырды", делинеди басылымда.

2020-жылдың март айында Масктың байлығы 24,6 миллиард долларға баҳаланған еди, бирақ 2021-жылдың январында ол планетадағы ең бай адамға айланды. Сол жылы 200 ҳәм 300 миллиард долларлық, 2024-жылы 400, 2025-жылдың октябрь-декабрь айларында болса 500, 600 ҳәм 700 миллиард долларлық шеклерди жеңип өтти, деп жазбақта ria.ru.