Дәслеп темирден әпиўайы мийнет қураллары - бел, кетпен, арба ҳәм буйыртпа тийкарында ҳәр қыйлы буйымларды таярлаў менен шуғылланған Жасурбек Бабажанов 2013-жылы "Жумамурат уста" шаңарақлық кәрханасын шөлкемлестирди. Исбилермен дәслепки жыллары тәбийий газде ислейтуғын дәстүрий қазанлар, темир есик ҳәм дәрўазалар ислеп шығарыўға айрықша итибар қаратты. 2018-жылы Манғыт қаласындағы киши санаат зонасынан жер ажыратылыўы жаңа устахана қурыўға имканият жаратты.

Талапқа сәйкес усыныс дегениндей, кәрхана тәрепинен ислеп шығарылып атырған локализацияланған ысытыў қазанханалары бүгин базарда өз орнын тапқан. Буның және бир себеби, бул қазанлар ҳәм тәбийий газде, ҳәм қатты жанылғыда ислейди.

Исбилерменниң 2024-жылы Қытайдан алып келинген үскенелери темир бөлеклерин лазер жәрдеминде анық ҳәм сапалы кесиўде қолайлы болмақта. Жыйнаў, кепсерлеў, бояў ҳәм электромонтаж жумыслары пуқта әмелге асырылмақта. Ислеп шығарылған ысытыў қазанлары ҳәзир Әмиўдәрья районынан тысқары Нөкис, Қоңырат, Беруний, Елликқала, Төрткүл ҳәм Хорезм ўәлаятының Гүрлен сыяқлы районларына да жеткерип берилмекте.

Кәрхана тек ғана ысытыў қазанлары емес, ал беккем ҳәм сапалы темир дәрўаза ҳәм есиклерди де ислеп шығарып, халқымыздың исенимине ерискен. Темир дәрўаза ҳәм есиклер суў, шаң ҳәм температура өзгериўлерине шыдамлы болып, жоқары беккемлиги менен ажыралып турады.

Ҳәр бир буйыртпа ушын өз алдына дизайн ҳәм бейимлесиўшеңликти усыныс етемиз. Бул болса қарыйдардың талапларын максимал дәрежеде қанаатландырыў имканиятын береди. Соның менен бирге, темир дәрўаза ҳәм есиклерди де басқа өнимлер сыяқлы жоқары сапа нормаларына жуўап беретуғын ҳәм узақ мүддет даўамында нәтийжели хызмет ететуғын етип таярлаймыз, — дейди Жасурбек Бабажанов. — Бүгинги күнде кәрханамызда 8 турақлы жумысшы бар. Өз бетинше ислеп атырған шәкиртлерим де бар.

Әмиўдәрья районы географиялық жайласыўы ҳәм тарийхый объектлери менен туризм тараўында үлкен имканиятларға ийе. Районда хызмет көрсетиў инфраструктурасының раўажланыўы тек ғана экономикалық өсиўди тәмийинлеп қоймастан, ал халықтың абаданлығына да унамлы тәсир көрсетпекте. Районның Бештом мәҳәллесинде бой тиклеген заманагөй “Qipchoq hotel” мийманханасы усы мақсетлерге хызмет етеди.

Мийманхана өткен жылы исбилермен Давронбек Эшмуродовтың өз қаржылары ҳәм банк тәрепинен ажыратылған 2 миллиард сумлық жеңиллетилген кредит есабынан қурып питкерилди.

— Хызмет көрсетиў шақапшамыз бир ўақыттың өзинде 62 мийманды қабыллай алады, — дейди Давронбек Эшмуродов. — Мийманханамыз барлық заманагөй қолайлықларға ийе. Қалаберсе, оның жайласыўы аймақтың тәбийий гөззаллығы ҳәм тарийхый естеликлерге жақынлығы менен ажыралып турады. Бүгинги күнде мәҳәлледеги 10 жумыссыз жаслардың турақлы бәнтлиги тәмийинленген. Келешекте мийманханада заманагөй хызметлерди жолға қойыў, хызмет көрсетиў сапасын халықаралық талапларға сәйкес түрде жақсылаў нәзерде тутылмақта.

Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы