Жақсы дәстүрге муўапық, дәслеп Имам Бухарий мақбарасы зыярат етилди. Қуран оқылып, пәтия етилди.
Президентимиз комплекстеги соңғы пардозлаў жумыслары, аймақта әмелге асырылып атырған абаданластырыў процесслери менен танысты.
Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен бул комплекс уллы муҳаддис бабамыздың ислам дүньясында тутқан жоқары абырайы, үлкен потенциалына мүнәсип тәризде қайтадан қурылды. Зыяратшыларға ҳәр тәреплеме қолайлы шараят жаратылды.
Комплекстиң аймағы кеңейтилип, ҳәзирги ўақытта оның улыўма майданы 44 гектарға жетти. Уллы мақбара, 10 мың адамлық мешит ҳәм ҳәкимшилик имараты, музей, кириў ҳәм шығыў әйўанлары қурып питкерилген. Зыярат етиў орнының төрт мүйешиндеги 75 метрлик минаралар оған саўлат бағышлаған.
Мәмлекетимиз басшысы жаңа мешиттеги қурылысты көзден өткерди.
Президентимиз ҳәр сапары Самарқандқа келгенинде комплекстиң қурылыс процеси менен танысып, бул жер тек зыярат етиў емес, илим-ағартыўшылық, тәрбия ҳәм ибрат орайы болыўы, Имам Бухарийдиң уллы изленислери, билими ҳәм жетиклиги зыяратшылар, әсиресе, жаслар ушын жақсы үлги болыўы керек екенлигин атап өткен еди.
Усы мақсетте жаңа комплексте инновациялық музей де шөлкемлестирилди. Ол ислам дүньясында муҳаддислер султаны деп тән алынған Имам Бухарийдиң өмири ҳәм илимий мийрасы, ислам ағартыўшылығының раўажланыўына қосқан үлесин көрсетеди. Сондай-ақ, музейде Қураны кәримде атлары тилге алынған 25 пайғамбар тарийхы, Мухаммед әлейхиссаламның шежиреси, Мекке ҳәм Мадинадағы турмысы, ҳәдислердиң жәмлениўи ҳәм жазылыўы ҳаққындағы мағлыўматлар жайластырылған.
Зыярат етиў орны әтирапында мийманхана ҳәм басқа да хызмет көрсетиў имаратларында да қурылыс жумыслары жуўмақлаўшы басқышқа кирген. Бир төрт жулдызлы, еки үш жулдызлы ҳәм 22 шаңарақлық үй мийманханалары шөлкемлестирилди.
Мәмлекетимиз басшысы мәмлекетлик жумысты сапалы шөлкемлестириў, адамларға қолайлықларды кеңейтиў, жасыл майданларды көбейтиў бойынша көрсетпелер берди.
Жақсы нийетлер менен комплекс аймағына терек нәллери отырғызылды.












