Сыртқы ислер министрлиги Консуллық-ҳуқық департаменти мағлыўматларына бола, Өзбекстанның Сеулдеги дипломатиялық ўәкилханасы Корея Республикасының ўәкилликли уйымлары менен турақлы байланыста болып, ўақыя мәнислерин анықлаўды даўам еттирмекте. Мағлыўматларға қарағанда, Өзбекстан пуқаралары арасында қайтыс болғанлар жоқ.

Өзбекстан Республикасы елшиханасына Өзбекстан пуқарасының қайтыс болғаны ҳаққында рәсмий мағлыўматлар келип түспеген. Дипломатиялық ўәкилхана хызметкерлери ўақыя орнына барып, қайтыс болған пуқара 60 жаслы Қазақстан Республикасы пуқарасы екенин анықлады.