Инфраструктура қурылысы ҳәм дәслепки жойбарлар көзден өткерилди

    Ҳүкимет 28 желтоқсан 2024 801

    Мәмлекетимиз басшысы Жаңа Ташкент қаласында транспорт инфраструктурасы ҳәм инженерлик тармақларының қурылысы менен танысты.

    Бизге белгили, бул қала 1 миллион халық жасаўы ушын мөлшерленген. Инфраструктура соған сәйкес ҳәм узақ мүддетли болыўы керек. Соның ушын ҳәзирги күнде үлкен көлемде жер асты инженерлик жумыслары орынланып, үлкен дөретиўшиликке тийкар жаратылмақта.

    Қалада инфраструктура, турмыс ҳәм экология сәйкес болады. Мәселен, экологиялық транспорт системасы шөлкемлестириледи. Метро ҳәм электробуслар үнлесликте ҳәрекетленеди. Транспортлардың қатнаўы ушын 14 туннель, 100 мың автомобилге мөлшерленген жер асты турыў орынлары қурылады. Пиядалар ҳәм велосипедшилердиң тосқынлықсыз ҳәм қәўипсиз ҳәрекетлениўи ушын кең қолайлық жаратылады.

    Бүгинги күнде болажақ кесилиспелердиң биринде үстинлер тырнағын қуйыў ҳәм гидроизолация жумыслары орынланбақта. Президентимиз бул процессти көзден өткерди. Келешекти есапқа алып, қурылыста жоқары сапалы ҳәм сыртқы тәсирлерге шыдамлы өнимлерден пайдаланыў бойынша усыныслар берди.

    Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта бир ҳәм еки секциялы инженерлик коллекторларының қурылысы басланған. Олар арқалы орайласқан ыссылық ҳәм суў қубырлары, электр энергиясы, телекоммуникация сыяқлы барлық инженерлик тармақлары жер астынан өткериледи.

    Қалада заманагөй урбанизация талаплары тийкарында "ақыллы" технологиялар қолланылады. Елимизде биринши мәрте "үш генерация" станциясы қурылады. Ақаба суўлар да заманагөй технологиялар тийкарында қайта исленип, суўғарыў ҳәм техникалық мақсетлер ушын бағдарланады.

    Мәмлекетимиз басшысына Жаңа Ташкенттиң биринши басқышында нәзерде тутылған жойбарлар ҳаққында да мәлимлеме берилди. Аукцион арқалы сатыўға шығарылған жер участкаларының жеңимпазлары өзлериниң инвестициялық жойбарларын усынды.

    Қалаға көплеген жергиликли ҳәм сырт ел инвесторлары қызығыўшылық билдирмекте. Атап айтқанда, биринши басқышта 490 миллион АҚШ доллары баҳасындағы 11 көп функциялы (mix-used) комплекс, мийманхана ҳәм ресторанлар жойбарлары басланған. Турақ жайлар, коммерциялық орынлар ҳәм социаллық мекемелер аймақты тығызластырады. Мийманхана ҳәм ресторанлар, өзине тән дизайндағы саўлатлы имаратлар мийманларға жоқары сапалы хызмет көрсетиў менен бирге қаланы туризм орайына айландырады.

    Келеси жылы қаланың кейинги басқышлары ушын жер участкалары басқышпа-басқыш усыныс етиледи. Ҳәр бир басқышта, жаңа инвестициялық имканиятлар ҳәм жойбарлар усыныс етиледи. Бул, өз гезегинде, тек ғана қаланы раўажландырыўға емес, ал көплеген жаңа жумыс орынларын жаратыў, жергиликли бизнести қоллап-қуўатлаўға да хызмет етеди.

    Улыўма, келешекте қалада инновациялық технологияға тийкарланған, жоқары дәраматлы 200 мың жумыс орны жаратылады. Оның ушын жаңа технопарклер, IТ-парк, билимлендириў ҳәм медицина кластерлери шөлкемлестириледи.

    No date selected
    December 2024
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates