Бул процесслер 23-24-март күнлери Ташкент қаласында болып өткен "Италия - Орайлық Азия (С5) + Әзербайжан" халықаралық агробизнес форумы шеңберинде де логикалық даўам еттирилди. Еки мәмлекеттиң аўыл хожалығы министрликлери тәрепинен шөлкемлестирилген илаж "Турақлы агроэкосистемалар ушын инновациялар, регенерациялық аўыл хожалығы, экспорт ҳәм санластырыў" улыўмалық темасы астында өтип, аграр тараўда мәмлекет ҳәм бизнес арасындағы ең ири сөйлесиў майданларынан бирине айланды.

Форумның тийкарғы мақсети - халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў, инвестицияларды тартыў ҳәм аўыл хожалығына заманагөй технологияларды енгизиў ушын нәтийжели платформа жаратыўдан ибарат. Қатнасыўшылар агроэкосистемаларды турақлы раўажландырыў, азық-аўқат қәўипсизлигин арттырыў ҳәм регион мәмлекетлериниң экспорт потенциалын кеңейтиўге қаратылған әмелий шешимлерди ислеп шығыўға айрықша итибар қаратты.

Форумда Италия, Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Әзербайжан ўәкиллери қатнасты. Сондай-ақ, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан аўыл хожалығы министрлери ҳәм министр орынбасарлары Ташкентке келди. Италия делегациясына аўыл хожалығы министри Франческо Лоллобрижида басшылық етти. Сондай-ақ, Италия тәрепинен жетекши шөлкемлер ҳәм тармақ бирлеспелери және айланысы 100 миллион евродан аслам ири компаниялардың 120 дан аслам ўәкиллери қатнасты.

Форум бағдарламасы толық болып, жалпы мәжилислер, тематикалық панеллер, В2В ҳәм В2G форматындағы ушырасыўларды өз ишине алған. Онда аўыл хожалығына санлы шешимлерди енгизиў, суў ресурсларын нәтийжели басқарыў, климат өзгериўине бейимлесиў ҳәм регенерациялық дийқаншылықты раўажландырыў мәселелери додаланды. Италия жумыс бериўшилериниң қатнасыўында пуқараларды сырт елде жумыс пенен тәмийинлеў, Италияның Тушия, Бари, Пиза, Феррари, Павиа ҳәм Турин сыяқлы жетекши университетлери менен билимлендириў ҳәм илим тараўында бирге ислесиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Жоқары дәрежедеги еки тәреплеме ушырасыўлар илаждың әҳмийетли бөлеги болды. Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Жамшид Хужаев Ф.Лоллобрижида менен бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарларын додалады. Тәреплер саўда, аграр билимлендириў, илимий изертлеўлерди раўажландырыў ҳәм инновациялық технологияларды енгизиў мәселелерине айрықша итибар қаратты. Сөйлесиўлер ўақтында аўыл хожалығы егинлериниң селекциясы ҳәм генетикасынан баслап, техникаларды модернизациялаў, агродронлар ҳәм "ақыллы" аўыл хожалығы технологияларын қолланыўға шекемги болған кең көлемли биргеликтеги жойбарлар додаланды. Азық-аўқат өнимлериниң қәўипсизлиги ҳәм сертификатлаў бойынша лабораториялар шөлкемлестириў, климат өзгерислерине бейимлесиў ҳәм екосистемаларды, соның ишинде, Арал теңизи регионын тиклеў бойынша изертлеўлер өткериў тийкарғы бағдарлар қатарына киреди.

Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министри Иброҳим Абдураҳмонов Италия компанияларының басшылары менен сөйлесиў өткерди. Bonifiche Ferraresi компаниясының бас директоры Патрик Унгаро менен бағшылық ҳәм овош жетистириў, соның ишинде, помидор жетистириў, шарўашылықты раўажландырыў ҳәм от-жем базасын беккемлеў бағдарындағы биргеликтеги жойбарлардың перспективалары додаланды. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги шарўашылық тараўында бирге ислесиў ушын Жиззақ ҳәм Бухара ўәлаятларында майданлар бар екенлигин атап өтип, шөлкемлестириўшилик ҳәм әмелий жәрдем көрсетиўге таяр екени атап өтилди. Unitec компаниясының ўәкиллери менен сөйлесиўлер ўақтында аграр тараў ушын заманагөй техника ҳәм технологияларды жеткерип бериў мәселеси көрип шығылды. Атап өтилгениндей, бүгинги күнде компанияның 150 ден аслам жоқары маманлықтағы инженерлери аўыл хожалығы өнимлери ҳәм азық-аўқат экспортын раўажландырыў бойынша аналитикалық жойбарларда қатнаспақта. Тәреплер инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиўден өз-ара мәпдар екенин билдирди.

Әзербайжан аўыл хожалығы министри Мажнун Мамедов басшылығындағы делегация менен сөйлесиўлер тәреплердиң аграр тараўда әмелий шерикликти тереңлестириўге умтылысын көрсетти: Қарабағда "Дослық бағы"н жаратыўды жеделлестириў, еки тәреплеме жойбарларды раўажландырыў тийкарғы темалар болды. Сырт елли қәнигелер аўыл хожалығы егинлерин қамсызландырыў системасын раўажландырыў ушын Өзбекстанда семинар ҳәм тренинглер өткериўди усыныс етти. Сондай-ақ, қатнасыўшылар мийўе-овош өнимлерин қайта ислеўди кеңейтиў, логистика шынжырларын беккемлеў ҳәм мәмлекетимиз инфраструктурасынан пайдаланған ҳалда Әзербайжан бизнесиниң Қытай базарына кириў имканиятларын додалады. Өзбекстанда тармақты диверсификациялаў ҳәм экспорт потенциалын арттырыў факторы сыпатында зайтун плантацияларын жаратыўға айрықша итибар қаратылды. Бирге ислесиўдиң әмелий бағдарын 15 қәнигелескен компанияның қатнасыўы тастыйықлады, оның институционаллық жақтан беккемлениўи еки мәмлекеттиң қәнигелескен илимий орайлары ўәкиллери арасында билим алмасыў, аўыл хожалығы нәтийжелилигин арттырыў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин беккемлеў ушын биргеликтеги изертлеўлер ҳәм инновацияларды енгизиўди нәзерде тутатуғын меморандумға қол қойылыўын тәмийинледи.

Форумда келтирилген мағлыўматлар Өзбекстан - Италия бирге ислесиўиниң избе-из раўажланып атырғанынан дәрек береди. 2025-жылдың жуўмағы бойынша еки тәреплеме аўыл хожалығы товар алмасыў көлеми 58,6 миллион долларға жетти. Билимлендириў тараўында 35 өзбекстанлы студент Италия, соның ишинде, Тушия университетиниң магистратурасында билим алмақта, Самарқанд агроинновациялар ҳәм изертлеўлер институты менен қоспа бағдарламалар әмелге асырылмақта. Аўыл хожалығында билим ҳәм инновациялар миллий орайы (AKIS), Италия миллий изертлеў кеңеси (CNR), сондай-ақ, CREA ҳәм AGEA институтлары арасында илимий бирге ислесиў жедел раўажланбақта.

Форум стратегиялық шерик сыпатында Әзербайжан қатнасыўында кеңейтилген "Италия - Орайлық Азия (С5) " форматында өтти. Оның жуўмағында азық-аўқат қәўипсизлигин беккемлеў ҳәм аграр секторды турақлы раўажландырыўға қаратылған қоспа коммюнике қабыл етилди. Илаж шеңберинде Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Unitec компаниясы арасында жақын арада қол қойылыўы режелестирилген бирге ислесиў меморандумының жойбары ислеп шығылды.

Солай етип, Ташкентте болып өткен "Италия - Орайлық Азия (С5) + Әзербайжан" форумы халықаралық бирге ислесиўшилердиң Өзбекстанның аграр потенциалына қызығыўшылығы артып атырғанын тастыйықлады. Ерисилген келисимлер ҳәм режелестирилген жойбарлар бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа басқышқа көтериўге тийкар жаратады, онда инновациялар, санластырыў ҳәм экологиялық турақлылық тийкарғы орынды ийелейди.

Алексей Чукарин,

"Правда Востока".