Инновациялық жумысты санластырыў коррупцияға қарсы гүресиўдиң ең нәтийжели шешими

    Пикир 4 желтоқсан 2025 43

    Коррупция раўажланыўды төменлетиўши, экономикаға, адамлардың турмыс сапасына тиккелей унамсыз тәсир етиўши фактор сыпатында заманагөй жәмийеттиң аўыр жүги болып есапланады.

    Жәҳән тәжирийбесинде илим ҳәм инновациялық жумыс жедел раўажланып атырған шараятта санластырыў коррупцияға қарсы гүресиўдиң ең исенимли ҳәм турақлы механизми болып есапланады. Буннан дерлик 8-9 жыл бурын илимий изертлеў ҳәм инновациялық жумыс пенен шуғылланыў ҳәр бир ҳүжжеттиң "изинен жеке жуўырыў" дегени еди. Илимий изертлеўге байланыслы процесслерде ол ямаса бул арзаны толтырыў, қол қойыў, соңғы ноқатқа тапсырыўға шекем артықша ўақыт ҳәм ресурс жумсалғаны да рас. Сол ўақытларда буны басынан кеширген излениўшилер арасында усындай бюрократиядан жәбирленгенлер көп болды.

    Бүгин болса жағдай түп-тийкарынан өзгерди. Мәмлекетте коррупцияға шек қойыў, оған маўасасыз мүнәсибетти қәлиплестириў бағдарында бир қатар нызам ҳүжжетлери қабыл етилди. Мәмлекетлик хызметлерди санластырыў, жумысты ашық-айдынлық принциплери тийкарында шөлкемлестириў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилди. Реформаларға сәйкес түрде Инновациялық раўажланыў агентлиги коррупцияға қарсы гүресиўде санластырыў жолынан барыўды таңлады. Бүгин жумыстың ашық-айдынлығын тәмийинлеў, жуўапкершиликти арттырыў, бюрократияны азайтыў ҳәм мәмлекетлик хызметлерди әпиўайыластырыў бағдарында бир қатар унамлы нәтийжелерге ерисилди.

    Кейинги бес жыл даўамында илимий ҳәм инновациялық жумысты санластырыў мақсетинде 11 мәлимлеме системасы ислеп шығылды. Ис жүргизиўге байланыслы 11 түрдеги ишки ҳүжжетлер айланысы толық санластырылды. Көрсетилип атырған санлы хызметлер саны 8 ди қурап, соннан 3 электрон хызмет бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы ҳәм 5 хызмет агентликтиң тийисли мәлимлеме системалары арқалы усынылып келинбекте. 39 түрдеги мағлыўматларды "Санлы ҳүкимет" системасына узатыў жолға қойылды.

    Ҳәзирги күнге шекем санластырылыўы талап етилетуғын жәми 546 илимий ҳәм инновациялық жумыстың 256 сы бойынша мақсетке ерисилди. Соннан 33 и автоматластырылды. Мәлимлеме системалары арқалы генерацияланатуғын ҳүжжетлер саны 11 ге жеткерилди.

    Тараўдағы бундай реформалар артықша ўақыт ҳәм ресурслардың жумсалыўын қысқартыў арқалы илимий ҳәм инновациялық жумыс пенен шуғылланыўшыларға бир қатар қолайлықлар жаратпақта.

    Тек ғана мәмлекетлик илимий бағдарламалардың бирден-бир электрон платформасы - “loyiha.ilmiy.uz” иске қосылыўы нәтийжесинде жойбар темаларының қәлиплесиўинен баслап жуўмағы бойынша мониторинг етиўге шекемги барлық процесслер толық санластырылыўына ерисилди. Усы тәризде техникалық экспертиза ҳәм финанслық экспертиза процесслери инсан факторысыз әмелге асырылмақта. Бул система иске қосылмастан алдын, яғный 2023-жылға шекем арзаларды көрип шығыў мүддети арзалардың келип түсиўинен баслап жойбарлар қаржыландырылыўына шекем орташа 8 айдан 14 айға шекем даўам еткен болса, 2025-жылдан бул мүддет 5 айдан 9 айға шекем қысқарды.

    Жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў системасын муўапықластырыў, билимлендириў процесслериниң ашық-айдынлығын тәмийинлеў, артықша қағазпазлықтың алдын алыў мақсетинде бирден-бир электрон система - “daraja.ilmiy.uz” иске қосылды. 2025-жылы излениўшилер жумысының нәтийжелилигин мониторинг етиў процеси де санластырылып, “daraja.ilmiy.uz” электрон системасы Жоқары аттестация комиссиясының илимий дәрежелер комплексли-аналитикалық мәлимлеме системасы менен интеграция етилди. Нәтийжеде илимий дәрежеге талабанлар аттестация жумысын реал ўақыт режиминде бақлап барыў имканияты жаратылды.

    Усы жылы илимий ҳәм инновациялық жумыс пенен шуғылланып киятырған қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде "Академик ҳәрекетшеңлик" бағдарламасын муўапықластырыўшы “akadem.ilmiy.uz” электрон системасы да иске қосылды. Бул арқалы талабанларға усы бағдарлама ушын арза тапсырыў ҳәм арза жағдайын онлайн бақлап барыў имканияты жаратылды. Келип түскен жойбарларды баҳалаў ҳәм жеңимпаз жойбарларды мониторинг етиў процеси толық электронластырылды.

    Жас илимпазлардың сырт елде илимий стажировкаларын шөлкемлестириўде “internship.ilmiy.uz” бирден-бир электрон системасының жумысы жолға қойылған болып, таңлаўларды жәриялаў, усынысларды қабыл етиў, қатнасыўшыларды таңлап алыў басқышларының ашық-айдынлығы арттырылды. Жеңимпазларды сырт ел илимий стажировкаларына жибериўди рәсмийлестириў, сырт ел илимий стажировкасы жуўмағы бойынша есабатларды қабыл етиў сыяқлы процесслер де толық санластырылды.

    2027-жылға шекем 290 процести толық санластырыў белгиленген. Усы мақсетте илимий ҳәм инновациялық жумысты санластырыў және процесслерди оптималластырыўға қаратылған 18 жаңа мәлимлеме системасы ислеп шығылады, 3 мәлимлеме системасы жетилистириледи.

    Илим тараўында санлы технологияларды енгизиўге тек ғана уйымның жумысын жеңиллестириў сыпатында қарамаўымыз керек, ал ол мәмлекетимиздиң инновациялық раўажланыўы, интеллектуаллық потенциалы ҳәм глобал бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлейтуғын стратегиялық фактор екенин еске алыўымыз шәрт. Усы мәнисте санластырыў жумыслары илимий экосистеманы түп-тийкарынан жаңалайды, излениўшилер ушын және де кең имканият береди. Ең әҳмийетлиси, коррупцияға жол қойылмайтуғын, ашық-айдын ҳәм заманагөй илимий орталық қәлиплеседи.

    Асрор НОРОВ,

    Инновациялық раўажланыў агентлиги директоры

    ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшысы

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates