Ул-қызының ертеңи ушын ата-бабалардың ҳәрекетти ерте мүддеттен баслаўы басқа халықларда сийрек ушырасатуғын айрықша қәдирият.

Усы күнлерде Жаңа жыл мүнәсибети менен өткерилип атырған "Президент шыршасы" байрам илажларында мәмлекетимиз басшысының басламасы менен жаңаша дәстүр жолға қойылды. Жаңа жыл саўғасына қосымша түрде балалар ушын аманат депозит есап бетлери ашылмақта. 8000 нан аслам жетим ҳәм ата-анасының қарамағынан айырылған 17 жасқа шекемги ул-қызлар ушын ашылған бул есап бетлерге мәмлекет тәрепинен 500 АҚШ доллары муғдарында қаржы жайластырылмақта.

- Есап бетине қойылған қаржының муғдары онша үлкен емес сыяқлы көриниўи мүмкин, - дейди Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң бас қәнигеси Мадина Азизова. - Бирақ бул пул жылдан-жылға капиталластырыў есабынан жыйналып барылады. Бала 18 жасқа толғаннан соң, қаржыдан пайдаланыў имканиятына ийе болады. Ғәрезсиз турмысқа қәдем қойыў ушын биринши қарарын қабыл етиўи мүмкин. 9 жастан үлкен балалар ҳәм олардың нызамлы ўәкиллерине социаллық карталар берилди. Бул жумыслар қолайлық, қәўипсизлик ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў мақсетинде исленди. Қоллап-қуўатлаў ушын ажыратылған қаржы мәмлекет ғамхорлығына айрықша мүтәж балалар ушын мөлшерленген. Соның ишинде, мәҳәллелерде жасайтуғын жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған, меҳрибанлық үйлери, шаңарақлық ҳәм киши көлемли балалар үйлери және SOS балалар аўылларының тәрбияланыўшылары, ата-аналары Ўатан шегараларын қорғаў ўақтында қайтыс болған балалар және "Таскин" балалар хосписи жанындағы балалар онкология емлеўханасында емленип атырғанлар ушын берилди. "Таскин" балалар хосписинде емленип атырған балалар ушын айрықша тәртип белгиленген. Оған бола, депозит есап бетиндеги қаржы зәрүрликке бола ҳәм нызамлы ўәкиллердиң мүрәжаты тийкарында қәлеген ўақытта банк картасына өткерилиўи мүмкин.

Жуўапкер хызметкердиң сөзлерин тыңлап, ерксиз түрде белгили жазыўшы Ғафур Ғуламның бир қосығы ядыма түсти:

Сен жетим емессең, тынышлан, баўырым,

Қуяштай меҳрибан Ўатаның - анаң,

Жердей салмақлы ҳәм мийнеткеш, меҳрибан

Қәлеген нәрсени таярлаўшы

Халық бар - атаң бар.

Ҳақыйқатында да, өзбек халқы, Ўатанымыз қандай шараятта болмасын, әўладларын бәрқулла қоллап-қуўатлап, ғамхорлық етеди. Әсиресе, мәмлекетимиз раўажланыў басқышларынан исенимли қәдем таслап атырған, барлық реформалардың орайында "Инсан қәдири" үстин болған бүгинги дәўирде халықты социаллық қорғаў, кәмбағаллықты қысқартыў, кем тәмийинленген, бағыўшысын жоғалтқан жасларды қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта.

- Жанажан елимиз, миллетимиз ертеңи жаслардың қолында. Биз оларды бүгин қаншелли көп қоллап-қуўатласақ, миллетимиз ертеңи соншелли исенимли, жарқын болады, - дейди Шайхонтоҳур районындағы Янгиобод мәҳәллесиниң баслығы, "Фидокорона хизматлари учун" ордениниң ийеси Манзура Валиева. - Әсиресе, жаслардың билимли, жетик пазыйлетли болып өсиўи ушын бүгин шараят таярласақ, мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиздиң ертеңги күни ҳаққында қәўетерленбеўимизге де болады. Президентимиздиң басламасы менен ул-қызларымыз ушын есап бетлерине қойылып атырған қаржы жаслардың ертеңги өмир жолын қурыўы ушын тийкар ўазыйпасын атқарыў менен бирге жәмийеттиң ертеңги күниниң абадан болыўына тийкар жаратады. Басқаша айтқанда, келешекте болыўы мүмкин болған кәмбағаллықтың алды бүгин алынбақта.

Мәмлекетимиз басшысы Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына Мүрәжатында "Тарийх даўамында қандай аўыр сынақларға дус келсек те, биз бәринен бурын аўызбиршиликтен күш алдық. Машақатлы күнлерде адамларымыз, мәҳәлле халқы ийинлес болып қыйыншылықларды жеңген. Шаңарақ - шаңараққа, қоңсы - қоңсыға жәрдем берип жасаған. Биз мине усындай оғада бийбаҳа қәдириятымызға бәрқулла садық қалыўымыз, жас әўладымызды мине усы руўхта тәрбиялаўымыз керек", деп атап өтти. Ҳақыйқатында да, миллетимиздиң өзлигин сақлап қалыў, жас әўладтың тәрбиясы, илим-пикирин жоқарылатыў жолында тек ғана мәмлекет емес, ал бәршемиз бирдей жуўапкермиз.

Бүгин артқа қайтпайтуғын түрге енген реформалар, турмысқа енгизилип атырған баслама ҳәм жойбарлардың нәтийжеси, әлбетте, келешекте өзин көрсетеди. Бүгин жерге еккен туқымымыздың зүрәәтин перзентлеримиз көриўи сөзсиз. Бул жаңа дәстүр ҳәзирги ҳәм келешек әўладларымыз ушын бахытлы турмысқа алып баратуғын жол картасының бир бөлеги болады.

Санжар ЭШМУРОДОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы