Инвестиция тараўындағы нәтийжелер сын көзқарастан талланды

    Президент Шавкат Мирзиёев 27-ноябрь күни сырт ел инвестицияларын тартыў жағдайы ҳәм келеси жылғы режелерди додалаў бойынша мәжилис өткерди.

    Өткен 10 айда мәмлекетимизге 26 миллиард доллардан аслам сырт ел инвестициясы киргизилген. Бул - өткен жылға салыстырғанда 1,7 есеге көп. Соннан дерлик 24 миллиард доллары тиккелей инвестициялар болып табылады.

    Киргизилген инвестициялар есабынан 6 мың 300 кәрхана иске қосылған, олар 30 триллион сумлық қосымша қун жаратқан, экспорт 305 миллион долларға артқан. Ең әҳмийетлиси, булар нәтийжесинде 163 мың жоқары дәраматлы жумыс орны ашылған.

    Ноябр-декабрь айларында және 8,6 миллиард доллар инвестиция келиўи күтилмекте.

    Сын көз-қарастан өткен мәжилисте инвестициялардың тартылыўы ҳәм жойбарлардың орынланыўы ҳәр бир аймақ ҳәм тармақ кесиминде ҳәр тәреплеме талланды.

    Сегиз район ҳәм қалада инвестиция көрсеткишлери төмен болған. Айырым тармақларда өткен жылға салыстырғанда азайған. Халықаралық финанс институтлары менен әмелге асырылып атырған айырым жойбарлар төменлеп бармақта. Атап айтқанда, 17 жойбарда жойбар ҳүжжетлерин ислеп шығыў ҳәм тендер процесслери кешиккен.

    Мәжилисте жуўапкерлер жылдың ақырына шекем күтилип атырған нәтийжелер ҳәм 2025-жылға мөлшерленген режелер бойынша мәлимлеме берди.

    Президент аймақлардың инвестициялық белсендилигин буннан былай да арттырыў, бул бағдардағы қатнасларды түп-тийкарынан өзгертиў шәрт екенлигин көрсетип өтти. Мәселен, Европа раўажланыў ҳәм тиклениў банки мәмлекетимиз бизнес орталығындағы унамлы өзгерислерди, экономикамыздың өсиў пәтлерин есапқа алып, жеке меншик сектор қатнасындағы жойбарларды да қаржыландырыўға таяр екенин билдирди.

    Аймақлар бундай имканиятлардан өнимли пайдаланыўы, өз бетинше қаржыларды да тартыўы керек. Соның менен бирге, инвестициялардың тек ғана көлемин емес, ал сапасын да арттырыў зәрүр. Яғный, тартылған ҳәр бир доллар санаатты раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, экспорт потенциалын асырыўға хызмет етиўи керек.

    Мәжилисте халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт мәмлекетлерден қаржы тартыў көлемлери ҳәм бағдарларын және бир мәрте көрип шығыў ўазыйпасы қойылды. 2025-жыл ушын жойбарларды тармақ ҳәм аймақлар кесиминде, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳәм жеке меншик инвестициялар бағдарында анық белгилеп алыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.