ИССМ делегациясы Урумчи ҳәм Пекинде табыслы сөйлесиўлер алып барды

    Декабрь айының биринши ҳәптесинде Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги, Наманган ўәлаяты район ҳәм ўәлаят ҳәкимликлери ўәкиллеринен ибарат делегация Шинжан-Уйғур Автоном Республикасы ҳәм Пекин қаласына барды.

    Сапар Наманган ўәлаятындағы жойбарларға тиккелей Қытай инвестициясын тартыў бойынша инвесторлар менен тиккелей сөйлесиўлер алып барыў мақсетинде шөлкемлестирилди.

    Сапар шеңберинде Шинжон-Уйғур автоном республикасының Фулонг ҳәм Урумчи қалалары және Пекин қаласында Қытайдың «Hunan Zhongwei Group», «Fulong Four Season», «Xinjiang Tianshan», «Jinmo Camel Biotechnology», «BJ Supply Chain Managament», «Shaoxing Zhonglu», «Yang Yexuan Wantai», «Shenzhen Decoration Group», «New Energy Agriculture», «Zhuanghuayiliao», «GCL Group», «China Gansu International Economic and Technical Cooperation Co», «Sichuan Commercial Investment Group» ҳәм басқа да ири компаниялар басшылары менен ушырасыўлар ҳәм сөйлесиўлер өткерилип, Наманган ўәлаятында жойбарлаў басламаларын әмелге асырыўдың әмелий тәреплери додаланды.

    Қытай компанияларының ўәкиллерине Өзбекстанда исбилерменлердиң қолайлы жумыс алып барыўы ушын жаратылған шараятлар, жеңилликлер ҳәм преференциялар, инвесторлардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў бойынша нызамшылық кепилликлери берилди. Қытай компанияларының ўәкиллери мәмлекетимиздеги исбилерменлик орталығын жоқары баҳалап, Өзбекстанның Қытай исбилермен топарларында инвестиция киргизиў ушын ең исенимли бағдарлардан бири сыпатында белгили екенин атап өтти.

    Сөйлесиўлер ўақтында туризм, медицина ҳәм инфраструктураны раўажландырыў, мийўе-овошларды қайта ислеў, шарўашылық, автомобиль қурылысы, тоқымашылық өнимлерин ислеп шығарыў, қурылыс материаллары, қуяш ҳәм самал электр станциялары ушын үскенелер ислеп шығарыў сыяқлы тараўларда биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимлерге ерисилди. Министрлик қытайлы бирге ислесиўшилерге жойбарларды әмелге асырыўдың барлық басқышларында толық ҳәм ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға таяр екени билдирилди.

    Сондай-ақ, сапар шеңберинде 6-декабрь күни Пекин қаласында Қытайдың 20 дан аслам ири компанияларының басшыларының қатнасыўында Өзбекстан-Қытай бизнес-форумы болып өтти. Қытай тәрепи усыныс етилген жойбарларға үлкен қызығыўшылық билдирди. B2B форматында болып өткен сөйлесиўлерде орынларда жойбарларды толық ислеп шығыў бойынша гезектеги илажлар келисип алынды, деп хабар береди Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң баспасөз хызмети.

    No date selected
    January 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates