Самарқанд халықаралық аэропортында Бас министрди мәмлекетимиз басшысы күтип алды.

Жоқары мәртебели мийман ҳүрметине еки мәмлекет байрақлары көтерилди ҳәм ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Сапардың тийкарғы илажлары 29-май күни болып өтеди.

Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер ҳәм басқа да бир қатар еки тәреплеме илажлардың өткерилиўи нәзерде тутылған.