Быйыл бесинши мәрте өткерилген ушырасыў мен ушын ҳәр жылғыдан да тартымлы болды. Ушырасыўдың тийкарғы мәнисинде мәмлекеттиң экономикалық потенциалын арттырыўдай уллы мақсет бар екенин аңлаў қыйын емес еди.
Сөйлесиўге шекем машқалаларымыз, жаңа усыныс ҳәм басламаларымызды жыйнап турған едик. Президент олардың шешимин көрсеткени, бир қатар жеңилликлер белгилегени руўхымызды көтерди. Себеби, итибар бар жерде өсиў, хошамет бар жерде раўажланыў болады.
Мәмлекет ҳәм бизнес арасындағы исенимди беккемлеўге хызмет ететуғын жанлы ҳәм қызғын сөйлесиўде көплеген қолайлы ҳуқықый, финанслық ҳәм инфраструктуралық шараятлар ҳаққында мәлим етилди.
Бул процесс тек ғана жергиликли емес, ал сырт елли инвесторлар ушын да тартымлы орталық болды. Сырт елли кәсиплеслеримиз бундай сөйлесиў басқа мәмлекетлерде жоқ екенлигин атап өтти. Өзбекстанға кирип киятырған инвестициялар көлеми буннан да артатуғынын еситиў адамды қуўандырады.
Мәмлекетимиз басшысы исбилерменликтиң көп бағдары бойынша жаңа басламаларды алға қойды. Соның ишинде, туризмди раўажландырыў бойынша жаңа бағдарлама басланатуғыны айтып өтилди. Келеси үш жылда мийманхана ҳәм туризм орайларын шөлкемлестириў ушын 5000 гектар жер аукционға шығарылады. Мийманхана қурмақшы болған исбилерменлерден жер сатып алыўы ушын төлем өндирилмейди. Есесине мәмлекет усы сумма менен жойбарға үлес болып киреди.
Мийманхана қурыў ушын 7 жыл мүддетке 2 жыллық жеңиллетилген дәўир менен ўәлаятлар орайы ҳәм туризмге қәнигелескен 36 районда 30 миллиард сумға шекем, басқа аймақларда болса 10 миллиард сумға шекем жеңиллетилген кредит ажыратылыўы оғада үлкен жаңалық болды. Тек ғана мийманхана қурылысы емес, ал мәмлекетлик объектлерди қайта мийманханаларға айландырыўда субсидия қолланылыўы айрықша итибарға ылайық. Әмелдеги тәртипке бола, шаңарақлық мийман үйлери туристлерди қабыл етиў бойынша күнлик норма 10 адамнан аспаўы белгиленген. Енди бул сан еки есе көбейтилетуғын болды.
Мәмлекетимиз басшысының "Ҳеш нәрседен қорықпаң, умтылыў ҳәм излениўден шаршамаң, тек ғана алға, үлкен шеклерге қарай исенимли қәдем таслаң!" деген сөзи бизге және де күш бағышлады. Бүгин ҳәр бир исбилерменниң усынысы тыңланбақта, машқалаларына шешим табылмақта. Булардың барлығы қолайлы бизнес орталығы, имканият ҳәм жаңа өзгерислерден дәрек бермекте.
Ўәлаятларда хызмет көрсетиў сапасын арттырыў мақсетинде мийманхана хызметкерлери ушын 2024-жылы 1107 дана, 2025-жылы август айына шекем болса 496 дана семинар-тренинг шөлкемлестирдик. Бул жумыслар даўам еттириледи. Президентимиздиң басламасынан руўхланып, алдымызға үлкен режелер қойдық. Барлық ҳәрекетлеримизди мәмлекетимиздиң экономикалық раўажланыўы, елимиздиң раўажланыўы, халқымыздың абаданлығына хызмет етиўге бағдарлаймыз.
Франгиза АБДУЛЛАЕВА,
Өзбекстан мийманханалар аўқамы баслығы,
" Фаол тадбиркор" көкирек белгисиниң ийеси