Қарарға бола, төмендегилер енгизиледи:

Өзбекстан аймағында ISO 14024 халықаралық стандартына муўапық пүткил өмир дәўири бойынша (I тип) “Yashil belgi” өним ҳәм хызметлерди бирден-бир ықтыярлы экологиялық маркировкалаў системасы (экологиялық маркировкалаў системасы);

өнимлердиң ҳәм хызметлердиң экологиялық маркировкалаў стандартларына муўапықлығын экологиялық маркировкалаў системасында авторластырылған юридикалық тәреплер (экологиялық маркировкалаў уйымы) тәрепинен баҳалаў тәртиби.

Экология министрлиги экологиялық маркировкалаў системасын тәртипке салыў тараўында ўәкилликли мәмлекетлик уйым етип белгиленди ҳәм оған төмендеги ўазыйпалар жүкленди, соның ишинде:

эекологиялық маркировкалаў системасын тәртипке салыў ҳүжжетлерин, соның ишинде, экологиялық маркировкалаў системасы қағыйдаларын, экологиялық маркировкалаў уйымын авторластырыў, сырт еллердиң экологиялық маркировкалаў системаларын тән алыў ҳәм экологиялық маркировкалаў белгисин қолланыў тәртиплерин тастыйықлаў;

экологиялық маркировкалаў органларына қойылатуғын талапларды тастыйықлаў;

экологиялық маркировкалаў стандартларына муўапық экологиялық жақтан абзал, соның ишинде, ресурсларды үнемлейтуғын, аз шығынды ҳәм шығындысыз, қоршаған орталыққа унамсыз тәсири азайған өнимлерди кеңнен ислеп шығарыўды хошаметлеўге қаратылған усынысларды ислеп шығыў ҳәм киргизиў;

экологиялық маркировкалаў стандартларын ислеп шығыў.

Сондай-ақ, экологиялық маркировка белгиси тастыйықланды.